Мессенджерде сизге таныс емес, бирақ сизиң социаллық тармақлардағы аккаунтыңызда бир неше танысларыңыздың дослары дизиминде бар болған шахс смс жазып, жеңил ҳәм дәраматлы қосымша жумыс усынады.
Ямаса банкомат жанында түскинликке түскен бийтаныс адам сизге үмитсиз жағдайда екенин, оған қыстаўлы түрде пул керек екенин, банк картасы болса ислемей қалғанын айтады. Соң, ол сизден танысы жибериўи керек болған пулды сизиң пластик картаңызға қабыл етип, оны нақластырып бериўде әмелий жәрдем бериўиңизди сорайды.
Бир қарағанда, бунда гүманланатуғын ҳеш нәрсе жоқтай. Турмыста ҳәр қыйлы жағдайлар болып турады. Бирақ келисим бермең! Сиз алдаўшылық торының қатнасыўшысына айланыўыңыз мүмкин. Бул болса ҳәттеки жынайый жуўапкершиликке тартылыўыңызға себеп болыўы мүмкин.
Мүмкин, алдаўшылар сизден "дроп" - яғный, (дәлдалшы) сыпатында пайдаланбақшы.
Алдаўшылар менен қатнасқа кириспеў ушын не ислеў керек?
1. Банкомат жанында таныс емес адамларға жәрдем бериўге келисим бермең.
Егер банкомат банк имаратында жайласқан болса, усы мәселе бойынша банк хызметкерин шақырың. Егер банкомат саўда орайында ямаса басқа жерде болса, сәўбетлесиўиңизге әдепли түрде бийкар деп жуўап бериң ҳәм оған банктиң "исеним телефоны"на қоңыраў етиўин усыныс етиң.
2. Жеңил дәрамат ҳаққындағы усынысларға келисим бермең.
Ҳәтте бундай усыныс сизиң достыңыз яки танысыңыз тәрепинен келген болса да. Сизден жынайый мақсетлерде пайдаланыўы мүмкин, ал достыңыз өзи нызамсыз ҳәрекетине қатнасып атырғанын ҳәм сизди де оған тартып атырғанын билмеўи мүмкин.
3. Егер бар бос жумыс орынлары сизде гүман туўдырса, белгисиз жумыс бериўшилер менен байланысты даўам еттирмең.
Компанияның рәсмий аты ҳәм веб-сайты мәнзилин анықластырың ҳәм сайтында көрсетилген номерге өзиңиз қайта қоңыраў етиң. Сондай-ақ, компания ҳаққындағы пикир-усынысларды да көрип шығың. Егер бундай мағлыўматлар бар болмаса, бул да ескертиўши белги болыўы мүмкин.
4. Социаллық тармақлар ҳәм мессенджерлерде бийтаныс адамлардың усынысларына жуўап бермең.
Көпшилик жағдайларда алдаўшылар мине усы орынларда "дроппер" (дәлдалшы) излейди - ямаса әпиўайы сәўбет арқалы танысыўға урынады ямаса жеңил дәраматлы жумыс усынады. Әлбетте, бундай жумыс ҳаққында толық мағлыўмат алыў мүмкин (алдаўшылық ҳәрекетин түсиниў ушын), бирақ ҳеш қандай тапсырмалар ҳәм өтинишлерди орынлаў мүмкин емес.
5. Ҳәр қандай гүманлы жағдайда банкке өзиңиз қоңыраў етиң.
Егер сизге банктен қоңыраў болған болса, бирақ сөйлесиў гүманлы темалар ҳаққында болса ямаса сизде қолайсызлық туўдырса, олар не талап етип атырғанын анықлап алың, мобиль байланыс арқалы сөйлесиўди тоқтатың ҳәм банк картаңызда көрсетилген рәсмий номер арқалы өзиңиз банк "исеним телефоны"на қайта қоңыраў етиң.
Сәўбетлесиў даўамында банк хызметкерине қоңыраў ҳаққында барлық мағлыўматларды айтып бериң, ол сизге ҳақыйқатында да банк хызметкери қоңыраў еткен яки етпегенлигин айтады ҳәм бундай жағдайларда өзиңизди қалай қорғаў кереклиги ҳаққында мәсләҳәт береди.
Алдаўшылардан қалай қутылыў мүмкин?
Телефон арқалы ҳеш кимге СМС-хабарлардан алынған пароль ҳәм кодларды айтпаң (сөйлесиўиңиз сизге ким сыпатында өзин таныстырғанына қарамастан) ҳәм өзиңиз танымаған шахслардың көрсетпеси бойынша пластик картаңыз бенен ҳеш қандай операцияларды әмелге асырмаң;
Хабарландырыўлар сайты арқалы сатып алғанда, төлемди тек ғана товар ямаса хызметти алғаннан соң әмелге асырың;
Белгисиз силтемелерге өтпең ҳәм мобиль байланыс қуралыңызға басқалар қосымшаларын жүклемең.