Атап өтилиўинше, Орайлық банк тәрепинен халықтың пул қаржыларын тартыўға қаратылған алдаўшылық схемалары ("финанслық пирамида")н белгилери анықлаў ҳәм олар ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларына оператив түрде хабар бериў системасы жолға қойылады.
Республика көлеминде ҳәр жылы ноябрь айы "Кибермәдениятты жоқарылатыў айлығы" деп жәрияланады.
Кибержынаятлардың түрлери ҳәм оларды ислеў усыллары ҳаққында ескертиў ушын интернет ҳәм социаллық тармақлардағы мақсетли (таргет) реклама хызметинен бийпул түрде пайдаланылады.
Орайлық банк 2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендеги кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырады:
- банклер, төлем системасы операторлары, төлем шөлкемлери ҳәм кредит бюроларының транзакциялары ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматларын Орайлық банктиң бирден-бир платформасына интеграциялаў;
- Орайлық банкте орайласқан антифрод системасын және банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң антифрод системаларын енгизиўди жуўмақлаў.





