Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги Киберқәўипсизлик орайының баспасөз хызмети мәлим етти.
Республика бойлап жәрияланған Қәўипсиз кибермәкан оператив профилактикалық илажлары шеңберинде алып барылған үйрениўлерде анықланыўынша, жынайый топардың 11 ағзасы ҳәр қыйлы мәмлекет пуқарасы екен.
Алып барылған оператив-техникалық илажлар нәтийжесинде усы топардың 5 ағзасы қолға алынды.
Олардың телефон қурылмалары тексерилгенде 133 шахстың банк карталарынан 2 миллиард 838 миллион 278 мың сумнан аслам пул қаржысы урланғаны ҳәм жынайый топардың ҳәр бири усы қаржыдан үлес алып келгенлиги анықланды.
Жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, гүманланыўшылар процессуал тәртипте усланды.
Ҳәзирги ўақытта бул жынайый топардың республика аймағындағы басқа шериклери ҳәм жәбирлениўшилер шеңберин анықлаў бойынша оператив илажлар даўам еттирилмекте.





