Әдил судлаў академиясы шөлкемлестириледи, судьялыққа тайынлаў мүддетлери қайта көрип шығылады

    Президент Шавкат Мирзиёев суд системасын жетилистириў ҳәм әдил судлаў мәселелерине байланыслы презентация менен танысты.

    Кейинги жылларда бул тараў избе-из реформаланып, судлар жазалаўшы органнан инсан ҳуқықларын қорғайтуғын системаға айландырылды.

    Соның ишинде, ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди. Турмыслық зорлықтың алдын алыўға қаратылған нәтийжели илажлар көрилди. Шаңарақлық мәселелерге қәнигелескен судьялар корпусы жаратылды. Инвестициялық келиспеўшиликлер бойынша өз алдына судлаў қурамы жетилистирилди.

    Бундай реформаларды пуқаралар өз турмысында сезинбекте, сырт елли экспертлер әҳмийетли қәдем сыпатында тән алмақта.

    Соның менен бирге, судлаўдың ашық-айдынлығын ҳәм халықшыллығын тәмийинлеў, санластырыў арқалы адамларға қолайлық жаратыў, жоқары маман кадрлар таярлаў бойынша көп мәселелер өз шешимин күтип тур.

    Презентацияда бул бағдардағы режелер ҳәм оларды әмелге асырыў илажлары додаланды.

    Әдил судлаў тараўын санластырыў мақсетинде раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында "Санлы суд" концепциясы ислеп шығылды ҳәм оны избе-из әмелге асырыў бойынша илажлар белгиленди. Бул коррупцияның алдын алыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге әўерегершиликсиз әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

    Таллаўларға бола, пуқаралық ҳәм экономикалық судларда көрилетуғын даўалардың үлкен бөлеги даў-жәнжелсиз ислерге туўра келмекте. Сол себепли бундай мәселелерди ҳәкимшилик уйымлардың ўәкиллигине өткериў усыныс етилмекте. Бул пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын қысқа мүддетте шешиўди тәмийинлейди.

    Және бир қолайлық - ҳәкимшилик ҳәм экономикалық суд ислерин экстерриториал түрде көриў тәртибин енгизиў. Бүгинги санлы технологиялар әсиринде буның имканияты бар.

    Әдиллик ҳәм исенимди тәмийинлеўде судьялық лаўазымының турақлылығы әҳмийетли. Усы мақсетте судьялыққа тайынлаў мүддетлерин қайта көрип шығыў нәзерде тутылмақта.

    Барлық бағдардағы судлар бойынша регионаллық тексериў судларын шөлкемлестириў, ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлардағы тексериў инстанцияларын сапластырыў усынысы билдирилди. Онда ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судларда тек ғана апелляция ҳәм кассация инстанциясы болыўы, тексериў инстанциясы болса 5 аймақлық судта шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

    Және бир әҳмийетли мәселе - суд системасы ушын кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў. Усы мақсетте Судьялар жоқары мектебин реформалап, оның негизинде Әдил судлаў академиясын шөлкемлестириў концепциясы таныстырылды.

    Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, тийисли пәрманларға қол қойды. Режелестирилген ўазыйпалардың орынланыўын системалы ҳәм сапалы тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates