- Бул жерде шынығыўлар менен бирге спорт билимлендириўи, илими, медицинасы жәмленген болыўы зәрүр. Яғный, бул жер мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болады, - деген еди мәмлекетимиз басшысы.
Соған муўапық, қалашада Спорт министрлиги, Антидопинг агентлиги, Мәмлекетлик спорт академиясы, Денетәрбия илимий-изертлеў институты, Спорт түрлерин раўажландырыў орайы да жайластырылған.
Бул ретки сапары ўақтында Олимпиада қалашасы инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў режелери, спорт шөлкемлериниң жайласыўы ҳәм жумысы бойынша мәлимлеме берилди.
Бәринен бурын, қалашада халықаралық дәрежедеги жарыслар өткериледи. Имаратлар оннан кейин де босап қалмайды. Мәмлекетимиздиң сайланды командаларының оқыў-шынығыўлары шөлкемлестириледи. Федерациялар спорт мектеплери менен байланысады.
Аймақта ҳәм комплекслерде жерлеслеримиз де спорт пенен шуғылланыўы мүмкин болады.
Президентимиз бул жерде тараў жуўапкерлери ҳәм спорт федерацияларының басшылары менен сөйлести.
- Бәринен бурын, спорчыларымыз ҳәм федерацияларды мине усындай орын менен қутлықлайман. Бул арқалы жас әўлад саламатлығына, келешектеги жетискенликлерге үлкен тийкар жараттық. Бирақ бул жумыстың ең аңсаты. Қыйыны - спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, профессионал спорчыларды таярлаў. Биз спортты ҳәм саламатлық, ҳәм нәтийжелилик көзқарасынан раўажландырып барамыз. Қуда қәлесе, бундай Олимпиада қалашалары ўәлаятларда да қурылады. Тийкарғы мақсет - жасларымыздың саламат ҳәм бәркамал болыўы, - деди мәмлекет басшысы.
Бизге белгили, 2024-жылы Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында елимиз спорчылары табыслы қатнасып, улыўма командалық есапта ҳәр еки бағдарда 13-орынды иелеген еди. Енди олимпиада ҳәрекетин және де раўажландырыў, келешектеги жарысларда нәтийжелерди арттырыў мақсет етилген.
Мәмлекетимиз Президентиниң усы жыл 8-июльдеги қарары менен, Өзбекстан спорчыларын 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлаў бағдарламасы қабыл етилди.
Бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Миллий олимпиада комитетиниң 14 аймақлық бөлими шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы ўәкили етип белгиленди. Ҳәр бир аймаққа Спорт министрлиги ҳәм Олимпиада комитетинен жуўапкерлер бириктирилди.
Тийкарғы мақсет жоқары спорт нәтийжелерине тек ғана бир Олимпиада емес, турақлы ҳәм беккем тийкар жаратыў болып табылады.
Қәбилетли спорчыларды ең төменги буўыннан баслап сайлап алыў ҳәм профессионал етип таярлаў ушын үш басқышлы "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысы жолға қойылды. Оның финал басқышы ҳәр жылы Олимпия қалашасында "Президент олимпиадасы" сыпатында өткериледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын иелери Олимпиада орайларына тартылып, профессионал таярланады.
Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайының жумысы миллий сайланды командалар резервин жаратыўға қаратылады. Оқыў-шынығыўларды өткерип барыў ушын Олимпиада қалашасы имаратлары орайға бийғәрез тийкарда бириктириледи.
Сондай-ақ, атлетлер резервин кеңейтиў мақсетинде жеке меншик спорт клубларының жумысы жетилистирилип, рәсмий жарысларда қатнасыўы тәмийинленеди. Жоқары нәтийже көрсеткен спорчылар миллий сайланды командаларға қабыл етилиўи мүмкин болады.
Президентимиз спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў мәселесине айрықша итибар қаратты.
- Мәртлик, гүресшеңлик халқымыздың қанында бар. Адамларымыз спортты жақсы көреди. Оны қоллап-қуўатлап, мәҳәллелерде спортты және де ғалаба ен жайдырыў керек. Буның ушын орынларда шараят бар. Тағы қурып атырмыз. Нәтийже де ғалабалықтан келип шығады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге тараўды санластырыў, спорт федерацияларының жумысын күшейтиў, нәтийжели спорт түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.












