Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Әзербайжан елшиханасына барды

    Хабарыңыз бар, усы жылы 25-декабрь күни Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында "Әзербайжан ҳаўа жоллары" авиакомпаниясының жолаўшы самолёты апатшылыққа ушырады.

    Бул апатшылық ҳәммениң жүрегин ләрзеге келтирди.

    Бул аянышлы ҳәдийседе жәбир көрген Әзербайжан, Қырғызстан, Россия ҳәм Қазақстан пуқараларының шаңарақ ағзаларына, жақынларына Өзбекстан Республикасы Президенти, парламенти ҳәм ҳүкимети терең кеўил билдирди.

    Соның ишинде, бүгин Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Әзербайжанның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасына барып, елши ҳәм ол арқалы пүткил туўысқан Әзербайжан халқына кеўил билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Буннан алдын бул апатшылық мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева парламенттиң жоқары палатасы атынан қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең кеўил билдирип, авариядан жәбирленгенлердиң барлығына тез арада саўалып кетиўин тилеп, Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Сахиба Гафароваға хат жоллаған еди.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates