Онда Олий Мажлис Сенатының алтыншы жалпы мәжилисин 2025-жыл 29-апрельде шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Атап өтилгениндей, видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте мәмлекетимизди экономикалық раўажландырыў, социаллық қорғаўды күшейтиў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў, қорғаныў ҳәм суд-ҳуқық системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған әҳмийетли нызамларды додалаў нәзерде тутылған.
Соның ишинде, қаржы базарын саламатландырыў ҳәм банклердиң жумысын турақластырыў мақсетинде таярланған "Банклерди санациялаў ҳәм сапластырыў ҳаққында"ғы Нызам сенаторлардың додалаўына қойылады.
Жалпы мәжилисте экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде "Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында"ғы Нызам да көрип шығылады. Онда ыссыхана газлери шығарылыўын азайтыў нәтийжесинде пайда болатуғын углерод бирликлериниң айланысы тәртибин белгилеў ҳәм ыссыхана газлери шығарылыўы үстинен системалы қадағалаўды тәмийинлеўге итибар қаратылған.
Сондай-ақ, миллий қорғаныў ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге қаратылған "Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы ҳаққында"ғы Нызамды да додалаў нәзерде тутылған. Бул ҳүжжет пенен мәмлекетлик қорғаныў буйыртпаларын қәлиплестириў, келисиў, тастыйықлаў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўдың бирден-бир ҳуқықый механизми жаратылады.
Буннан тысқары, социаллық хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың қарарларын нәтийжели орынлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы нызамлар да жалпы мәжилистиң күн тәртибинен орын алған.
Сенаторлар тәрепинен темеки ҳәм никотин өнимлериниң айланысына байланыслы талапларды күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳаққындағы нызам да көрип шығылады. Бул болса халықты зыянлы әдетлерден қорғаў бағдарындағы нызамшылықты және де беккемлеўге хызмет етеди.
Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы ратификациялаў мәселесин де додалаў режелестирилген.
Соның менен бирге, аўыл хожалығын раўажландырыў, илим жетискенликлерин тараўға енгизиў ҳәм илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў де нәзерде тутылған, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.