Атап өтилиўинше, "Инвестциялар ҳәм инвестициялық жумыс ҳаққында"ғы, "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы, "Микроқәржыландырыў жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы және "Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында"ғы нызамлар көриледи.

Нәўбеттеги жалпы мәжилисте "Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы және "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызамлар да додаланады.

Сондай-ақ, сенаторлар жанлы атқарыў көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасын жетилистириў, шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў және алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасын жетилистириўге қаратылған бир қатар нызамларды да көрип шығыўды режелестирмекте.

Буннан тысқары, "Экологиялық экспертиза, қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў ҳаққында"ғы, "Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы, "Өзбекстан Республикасының "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог" ҳүрметли атағын енгизиў ҳаққында"ғы, "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы және "Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимге алыў ҳаққында"ғы нызамлар да жалпы мәжилистиң күн тәртибинен орын алған.

Соның менен бирге "Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Душанбе, 2024-жыл 18-апрель) ратификациялаў ҳаққында"ғы, "Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында"ғы нызамлар және Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.