Үскенелер БМШ НЖБ ҳәм БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының "Терроризм, қурал-жарақ ҳәм жынаятшылық арасындағы өз-ара байланысты үйрениў: оқ атыў қураллары ҳәм жеңил қурал-жарақлардың нызамсыз айланысы, сондай-ақ, оларды террористлерге нызамсыз жеткерип бериўдиң алдын алыў ҳәм сапластырыў" қоспа жойбары шеңберинде сатып алынған.

Илажда Ишки ислер министрлиги Эксперт-криминалистика бас орайының басшылары, сондай-ақ, ИИМ Халықаралық бирге ислесиў басқармасының жуўапкерлери қатнасты.

Қатнасыўшылардың атап өтиўинше, үскенелердиң тапсырылыўы баллистика лабораториясының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеўге, экспертлик изертлеўлердиң сапасын арттырыўға ҳәм қурал-жарақтың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.

Техниканың тапсырылыўы Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымларының потенциалын арттырыў мақсетинде БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы тәрепинен көрсетилип атырған турақлы жәрдемниң гезектеги тастыйығы болды.