Оқыў ҳәм пул поэтикасы

    Дәслеп ҳайўанлардың терисине жазылған текстлерди бүгин метро ямаса автобуста аудио түринде еситип кетемиз, планшетте оқыймыз, визуал сәўлелендирип, соң қызығыўшылық пенен тамашалаймыз. Ал, не ушын? Не себептен бул жақсы мәнистеги интеллектуал зәҳәр - китап оқыў әдетиниң социаллық көлеми артса, елде ҳәм жәмийетте раўажланыў тезлеседи, деген көз-қарасты қоллап-қуўатлаймыз, ол әҳмийетли зәрүрликлеримизден бири екенине гүманланбаймыз?

    Гәп сонда, китап оқыў тек ғана шахс ҳәм китап сөзлериниң жыйнағы емес, бәлки ол өмирге не ушын келгенин, бул дүньядағы түпкиликли мақсети неден ибарат екенин, қалай жасаса өзине ҳәм басқаларға миннетдар болыўы мүмкин екенин ойлап пәмлей алмаған, пикирлеў шеңберин үзликсиз кеңейтиў барысында ҳәмме сораўына жуўап табыўды қәлеген сиз ҳәм биз сыяқлы адамларды өзинде әййемги сырларды жасырған, ҳәр бир тараў, ҳәр бир бағдар, ҳәр бир тутым ушын исеним, данышпан, мәсләҳәтши, тилеклес, жаңа илим, әжайып қолланба, қулласы, жәми тәжирийбелер жыйынтығы бөлип бере алатуғын китап пенен байланыстыратуғын үлкен процесс.

    Әзелден халқымызда әдебий-көркем талғам оғада жоқары болған. Түркий, парсы, араб тилиндеги шығармалар бирдей оқылған, саадийханлық, наўайыханлық, бедилханлық, бабурханлық кең тарқалған. Сөз өнерине ықласы себепли болса керек, адамлар ҳәтте әдеттеги турмыс тәризи, мәселен, базардағы саўда-сатықты да уйқасқа салған. Медицина, әдеп-икрамлылық, илим-пәнге байланыслы көрсетпелер, улыўма, үйрениў керек болған көплеген әҳмийетли тараўға байланыслы шығармалар қосық жолында жазылған.

    Оқыў - арнаўлы шынығыўы, айрықша адамлар несийбеси екенинен келип шықсақ, бул ҳәдийсе адамзат тарийхындағы ең уллы ойшылларды өзине тартып келгени бар гәп. Әсиресе, жәмийеттиң талғамының жоқарылаўында бийғәрез хызмет еткен әдебият дарғалары, соның ишинде, жазыўшылар, шайырлар, сыншылар гөззал оқыў усынатуғын рәңбәрең сезимлер қатарын толықтырып берген. Әлбетте, пикирлеў көлеми, дәрежеси жазыўшылардың китапқумарлық дәрежесинен айқын дәрек берип турыўы жаңалық емес. Түркий тилде ең "көп ҳәм жақсы" жазған Наўайыға бийбаҳа таланттан тысқары китапқумарлық бабында тең келетуғын шайыр классикалық әдебиятымыз тарийхында дерлик табылмайтуғыны да соннан. Жазыўшы айтқандай, бир қатар жөнли гәп жазыў ушын пүткил китапты оқып шығыў керек.

    Парадоксал тәрепи: оқыўға тәсир көрсеткен бул шахслар оқыўдың өзинен тәсирленген. Демек, китапқа байланыслы ҳәр ким өзи билген, билмеген ҳалда оқыўдың шексиз айланыўшы шеңберине қосылады, оның кеңейиўине хызмет етиўи менен бирге дүньяқарасын да кеңейтип барады.

    Китап оқымаў ҳуқықы

    Енди сезимлерди бир шетке қойып, итибарымызды машқалалар, тартыслы сораўлар ҳәм фактлерге қаратамыз. Ҳәр қандай искерлик тийкарында, сондай-ақ, оқыў процесинде де биринши орында зәрүрлик жатады. Буннан соның белгили, ақ-қара текст артында ҳақыйқый әлем түсиниги турыпты. Инсан оны усы процессте үйренеди. Жоқарыда айтып өтилгениндей, оқыў - искерликтиң билиў, үйрениў, илим алыў ҳәдийсеси. Ўақыттың өтиўи менен болса усы социаллық-көркем ҳәдийсени бизге жеткерип бериўши қураллар өзгерди.

    Мәденият таныўшы ҳәм философ Маршалл Маклюен өткен әсирдиң 60-жылларында инсаният ойлап тапқан ҳәр бир жаңа мәлимлеме қуралы пүткил бир әўлад ўәкиллерин үлкен имтиханнан өткереди, дегенинде ҳәзирги әўладтың электрон китаплар, букридерлер, смартфонлар қоршаўында қалып кетиўин нәзерде тутқан болса керек. Әлбетте, булардың ҳәммеси турақлы түрде ислеп шығылатуғын ҳәм ҳеш тоқтамайтуғын, қәўипли болмаған қолайлықлардың гезектегиси. Олардан қай дәрежеде пайдалана алыўымыз узақ-жақын келешекте белгили болады. Негизинде гәп булар ҳаққында емес, бүгинги оқыўдың басқа барлық дәўирге салыстырғанда төменлиги, әпиўайылығы ҳәм китап оқыўдың өзи не ушын буншелли әҳмийетли екенлиги ҳаққында.

    ЮНЕСКО мағлыўматына бола, бүгин планетамыздағы 781 миллионнан аслам үлкен жастағы адам улыўма оқыўды билмейди. Бул - ҳәр 10 адамнан биреўи саўатсыз дегени. 251 миллионға шамалас бала мектепке бармайды. Саўатсызлардың көпшилиги ең жарлы 35 мәмлекетте жасайды, бирақ раўажланған мәмлекетлерде де аз емес.

    Ал, улыўма, саўатсыз адам болыўға саналы түрде ыразылық билдириўге ҳақымыз бар ма? Тилекке қарсы, бүгин жасы 30 дан асқан болса да, үш китап та оқымаған танысларымыз табылады. Хош, олар бул жақты дүньядан улыўма оқымай, жасап өтиўге ҳақысы бар ма? Егер бар десек, онда не ушын өзимиздеги оқыў заўқын оларға жуқтырыўға ҳәрекет ете беремиз? Оларды өзимиз қәлегендей китапқумар қылыўға тырысып атырғанымыздың артында қандай бийкарлап болмайтуғын жуўапкершилик бар? Нийетимизге еристик дейик, ондай оқыўшылардан кимге не пайда?

    Дурыс, китапқумарлыққа муҳаббат оятыў өз алдына мәселе, бирақ бул мәселе аралығын саўатлы китапқумарлық дәрежесин көтериўге ҳәрекет етиў арқалы қысқартыў мүмкин. Болмаса... эх, гипотеза нелерге алып келмейди. Тек ғана көз алдымызға келтирейик, ҳәмме жабылып китап оқымай қойса, не болады?

    Биринши гезекте, буның унамсыз тәсири мәмлекет ҳәм жәмийеттиң экономикалық, руўхый бағаналарында сезиледи. Себеби жақсы оқымаған адам жаман хызметкер, уқыпсыз басшы дегени, креативлик, дөретиўшилик түўе, айтылған ўазыйпаны да еплей алмайды. Тийкарғы қәдириятлары не екенин түсинбегеннен кейин, үйине жаман әке ямаса перзент көринисинде кирип келеди. Исеними пәсейип, өз мақсетин умытады. Қарасаңыз, бир ғана китапқумарлық кризиси себепли заманагөй манқуртлар әсте-ақырын пүткил мәмлекетти пыт-шыт қылады. Бир, көби менен еки әўлад алмасыўынан кейин адамлар оқыў ҳәм жазыўды пүткиллей умытады. Усы ўақытқа шекем арттырылған тәжирийбелер, жаратылған қолайлықлар, тәртиплер қурал жоқлығы себепли кеңислик ҳәм ўақыт аралығында қалып кетеди... Әлбетте, булар қыял. Бул жағдайға түсиў ушын кеминде ҳәмме бирдей пикирлемеўи керек. Бахытымызға арамызда өз мәпинен жәмийет мәпин үстин қоятуғын, раўажланыў ушын тынымсыз мийнет етип атырғанлар көп.

    Мениңше, саўатлы қатламның көбейиўи жәмийетлик турмыстың барлық көринисинде тәсиршең фактор екенин әдебият ҳәм экономиканың үнлеслигинде көрип шықсақ, бүгинги дәўир адамы ушын және де түсиникли болады.

    Әдебиятта дәрамат, пул ҳәм байлық

    Китап оқыў, тән аламыз ба яки жоқ па, жеке табысқа ең көп тәсир етиўши бас факторлардан бири. Дүньяда жүдә көп изертлеўлер өткерилген болып, олар оқылған китаплар саны ерисилген дәрамат дәрежесине тиккелей байланыслы екенлигин дәлиллеген. Материалистик себеп керек пе, мине: қанша көп оқысаңыз, сонша көп пул табыў имканиятыңыз артып барады.

    Мәселен, Қытайды алайық. Бүгин бул мәмлекет китапқумарлық бағдарын раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан бирине айландырған. 10-15 жыл алдын дүньяның дерлик үштен бир бөлеги жасайтуғын бул аймақта дөретиўшилик дерлик жоқ еди. Тек ғана фантастика, фентези, киберпанк сыяқлы жанр ҳәм усыллардағы шығармалар көбейип, оқыўға айрықша итибар қаратыла баслағаннан соң, жағдай түп-тийкарынан өзгерди. Бир ўақытлары белгили брендтеги өнимлердиң арзан нусқасын ислеп шығарыўдан ары өте алмаған, өзиниң халқына да толық материаллық жәрдем бере алмаған мәмлекет бүгин экономикасы менен дүнья базарын ийелеп атырған қүдиретли мәмлекет сыпатында қайта танылды. Қытай айырымлар ушын бөрттирилген ертектен басқа нәрсе болмаған фантастика жанрындағы китаплар, комикслер, мангалардың дурыс жолға қойылыўы экономиканың раўажланыўына да принципиал тәсир көрсетиўи мүмкин екенлигине әжайып мысал келтире алды.

    Анық талқылаўға тийкарланған ҳәм илимий тилде сәўлелендирилген билимлердиң көркем өнер менен бирге қойылыўы, сөзсиз, экономиканың әдебият пенен, қолға услап болмайтуғын сезимлер, кеширмелерди сәўлелендириўши лириканың бийкарлап болмайтуғын фактлер менен, әпсаналардың математикалық моделлер менен, тоқыма образлардың эмпирикалық нызамлар менен қандай улыўмалығы болыўы мүмкин, деген сораўды ортаға қояды. Бирақ бәрибир бул еки тәрептиң бир-биринен айырмашылығы биз ойлаған дәрежеде үлкен емес.

    Адамлар белгили бир ҳақыйқатлықты тән алыўы ушын, дәслеп, оны "сезиниўи" керек. Көркем текстлер жеткерип беретуғын мағлыўматлар арқалы биз басқа адамлардың алыс материклерде, бизге таныс емес орынларда қалай жасап атырғаны ҳаққындағы түсиникти қәлиплестиремиз, олардың дәртин өзимизде сеземиз, қуўанышын биргеликте бөлисемиз, өтмиш ҳәм келешек көпиринде жүзбе-жүз келип, сораўлар беремиз. Булардың ҳәммеси болса илимий болжаўлар сыяқлы жүз процент ҳақыйқат емес түсиниклер, жуўмақлар болып табылады. Итималлықлар теориясы ямаса балалар ушын айтылған өтирик - екеўи де улыўма ҳақыйқатлықта сөзсиз үстинликке даўа етиўге ҳақылы емес. Буннан еки тараў қандай да бир ноқатта теңликте туратуғынлығы келип шығады. Бул теңлик соңғы еки әсирде, әсиресе, көбирек көринди.

    Әдебиятта экономика деп көркем шығармаларда экономикалық процеслер ҳәм экономикалық ҳәрекетлердиң көркем сүўретлениўин киши мысал етип келтириўимиз мүмкин. Яғный тоқыма қаҳарманлардың тилинен айтылатуғын тартымлы сөзлер автордың өз дәўириндеги экономикалық машқалаларды қалай сапластырғаны, қабыл еткени, белгили бир экономикалық критерийдиң абзаллықлары, қолайсызлықлары, базарлардағы сап пайда ҳәм басқа да көплеген мәселелерди ашыўшы гилт ўазыйпасын атқарған.

    Қәлеген идея ямаса идеялар ағымы адамлар санасына әдебият арқалы өтеди. Бабур, Шекспир, Даниель Дефо, Гёте ҳәм басқа да көплеген жазыўшылардың дөретиўшилигин терең үйренер екенсиз, олардың экономикалық машқалаларға ямаса биз жасап атырған шекленген материаллық ресурслар дүньясының көринисине қарайтуғынын байқайсыз. Бир нәрсе үйренесиз, өзиңиз ушын жуўмақ шығарасыз.

    Соңғы еки жүз жылда әдебиятта дәрамат, ақша ҳәм байлық әҳмийетли орын ийеледи. Роман, гүрриң ямаса драмада пул шығармадағы киши социаллық орталықты белгиледи, қаҳарманлардың искерлигин өзи менен байланыстырды. Байлық арттырыў мақсетинде келиспеўшиликлерди келтирип шығарды - көз бояўшылық, алдаўшылықлар жүз берип атырған мәканды сүўретледи. Солай етип, шығарма сюжети базар ҳәм исбилерменлердиң соқлығысыўына тийкарланған финанслық контексттен келип шығып, өз идеясын үгит-нәсиятлаўшы қүдиретли қуралға айланды. Өз гезегинде, бундай китаплар адамлардың финанслық, ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға да хызмет етти.

    Акциялар менен байланыслы операциялар, финанслық инвестициялар, финанс базарындағы алдаўшылық, спекуляция, непотизм, бәсеки, исбилерменлик, инновациялар, қарыз ҳәм банкротлық - булардың барлығы шығарманың беккемлигин тәмийинлеў менен бирге оқыўшының илимий дәрежесин арттырды, экономикадағы дәслепки түсиниклерди қәлиплестирди. Нәтийжеде бул тараўға қызығыўшылар қатары есесине кеңейди.

    XIX әсирде жазылған бир қатар белгили романлардағы экономикалық ўақыялар поэзиялық картинаның доминантасы болған. Гоголдың "Өли жанлар"ында рус помешиклери, коррупционер ҳәм дәмегөй ҳәмелдарлар сүўретленген болса, Достоевский қаҳарманлары әтирапында сол дәўирдиң базар жағдайына толық тоқтап өткен. Бальзактың "Нусинген банк үйи" шығармасы болса спекуляция ҳаққында гүрриң етеди. Бундай мысаллар жүзлеп табылады. Тийкаргы экономикалық машқалалардан бири - бар тәбийий ресурслар тийкарында өндиристи шөлкемлестириў ҳәм шекленген ресурслардан оптимал пайдаланыў арқалы жасаў машқаласын шешкен Робинзон Крузо, бәлким көпшилик билмейтуғын, экономистлер арасында өзине тән тымсалға айланып үлгерген.

    Дүньяның көплеген атақлы университетлеринде билим берип атырған экономист профессорлар әдебий қаҳарманлар студентлерге экономикалық теорияларды түсиндириўге жәрдем бериўин атап өткен. Китапқумар экономист болыў әжайып, бирақ жақсы китапқумар болсаңыз, тек ғана экономист емес, ал қәлеген тараўдың жетик қәнигеси бола аласыз.

    Инсанның қәдири оқыған китаплары менен өлшенеди

    Оқыўдың экономикаға тәсири ол келтиретуғын пайданың оннан бир бөлеги ғана. Улыўма алғанда, китап оқыў жүдә пайдалы. Китап оқыған адам қай жерде, қашан, кимге қалай сөйлеў кереклигин жақсы биледи ҳәм пикирин баянлаў ушын кемнен-кем сөз таба алмай қалады. Китап оқыўшылар менен сәўбетлесиў қызық болады.

    Мийдиң шеп ярым шарында сөз ҳәм мағлыўматлар менен байланыслы операциялар әмелге асырылады. Оң ярымшар болса визуализация ҳәм көз алдыға келтириўге жуўап береди. Китап оқиў даўамында мийдиң еки ярым шары да белсенди ислейди. IQ дәрежесин көтериў, аңлаў ҳәм көзқарасты арттырыўға себеп болатуғын китапқа соның ушын да ең жақсы мий тренажёры, деп тәрийпленеди. Турақлы китап оқыў нәтийжесинде мағлыўматларды сақлаў ушын әҳмийетли болған жаңа нейронлар қәлиплеседи. Бул, өз гезегинде, есте сақлаўды жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе.

    Жақсы китапта мудамы ойландыратуғын сораўлар ҳәм жағдайлар болады. Жасаўдың мәниси неде екенлиги, глобал ҳәм жәмийеттеги бар машқалалар, адамлар арасындағы қатнасықлардың қаҳарманлар образында көрсетилиўи оқыўшыны адамгершиликке, бийпәрўа болмаўға ҳәм жағдайға саналы түрде қатнас жасаўға ийтермелейди. Толық оқылған китап мийди азықландырады, инсанның шахс сыпатында қәлиплесиўи ҳәм өзин табыўға умтылыўына түртки береди.

    Китап оқымайтуғын адам өзиниң емес, әтираптағылардың пикири менен жасайды, айырым инсанлардың көрсетпеси тийкарында өмири қалай өтип кеткенин де билмей қалады. Китапқумар инсан тек өзин емес, ал айналасындағыларды да түсиниўге ҳәрекет етип, соның менен бирге өзиниң жеке пикири ҳәм позициясына ийе болады, кимлердур қәлегени ушын надурыс деп билген ислерди ислемейди. Олар машқалаларды шешиўге басқаша қатнас жасайды, болжаў ҳәм субъектив көзқараслардан гөре анық етилиўи керек болған режелер тийкарында жағдайға реал баҳа береди. Спенсер айтқанындай, оқыў қутқарыўшы, бир инсанның қәдири ертең оның оқыған китаплары менен өлшенеди.


    Азизбек ЮСУПОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы