Аққорғанда "Ором" дем алыў комплексиниң қурылысы басланды

    4 ақпан 2025 889

    Бул орын районның «визитка» қағазына айландырылыўы нәзерде тутылмақта.

    2024-жылдың 19-июльинде Министрлер Кабинетиниң "2024-2025-жылларда Ташкент ўәлаятының Аққорған районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың жасаў шараятларын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилген еди. Усы қарар тийкарында, Аққорған районының "Бирлик" МПЖда "Ором" дем алыў орнын қурыў нәзерде тутылған еди.

    Ҳәзирги ўақытта бул аймақта реконструкциялаў бойынша демонтаж жумыслары баслап жиберилген, деп хабар береди Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

    Атап өтилиўинше, улыўма 15,9 гектар майданда қурылыўы режелестирилген бул дем алыў орайының аймағында, 10,7 гектар жерге жүзиў бассейни, хызмет көрсетиў ҳәм шаңарақлық дем алыў объектлери, аттракционлар, балалар қалашалары, айырым тарийхый объектлердиң мини-макетлери, жасыл майданлар, пиядалар жолларын қурыў, хызмет көрсетиў ҳәм шаңарақлық дем алыў объектлери, фонтанлар қурыў нәзерде тутылған.

    Бул арқалы халықтың бос ўақтын өнимли өткериў ушын жетерли шараят жаратылады.

    12 миллиард сум қәўендерлик ҳәм исбилерменлердиң қаржылары есабынан қурылып атырған орын районға кириў шегарасы болғаны ушын өзине тән «визитка» қағазына айландырылады.