Бул мектептиң әмелдеги имараты 1970-жылы 140 орынға мөлшерленип қурылған болып, оқыўшылардың санының артыўы нәтийжесинде кейинги жыллары 2,5 коэффициент тийкарында жумыс алып барып атырған еди. Ҳәзирги күнде мектепте 354 оқыўшыға 35 педагог тәлим-тәрбия бермекте.

Усындай шараятқа қарамастан, 2024-2025-оқыў жылы жуўмақларына бола, мектептиң 33 питкериўшисинен 13 и, яғный 40 проценти жоқары билимлендириў мәкемелериниң студенти болды. Кейинги жылларда билимлендириў системасын раўажландырыў, оқыўшылар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде бул мектеп аймағында 6 миллиард 200 миллион сумлық қосымша жаңа имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бурын мектепте спорт залы болмаған болса, жаңа имаратта заманагөй, 12х24 өлшемдеги спорт залы қурылды. Сондай-ақ, имаратқа заманагөй лифт орнатылып, ысытыў системасын жақсылаў мақсетинде жаңа "МТУ-300" маркалы ыссылық насосы орнатылды. Имканияты шекленгенлер ушын да қолайлы ҳәм заманагөй орталық жаратылды.

Беруний районында және бир әҳмийетли социаллық тараў объекти, яғный 14-санлы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурып берилди. Бул мәкемениң ески имараты 1968-жылы қурылған болып, 1970-жылы бейимлестирилген ҳалда балалар бақшасы сыпатында жумыс баслаған ҳәм узақ жыллар даўамында 100 орынлық қуўатлылық пенен хызмет көрсетип келген.

2025-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-454-санлы қарары шеңберинде бул шөлкемниң имараты толық реконструкцияланып, нәтийжеде заманагөй талапларға толық жуўап беретуғын, қуўатлылығы 120 орынға ийе жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылды. Жойбарды әмелге асырыў ушын жәми 3 миллиард 600 миллион сум қаржы ажыратылды.

 

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.