Ақтөбе қаласында Өзбекстан туристлик потенциалының презентациясы өткерилди

    Туризм 25 желтоқсан 2024 297

    Қазақстан Республикасының Ақтөбе қаласында Өзбекстанның туристлик потенциалы презентациясы өткерилди. Онда еки мәмлекеттиң туризм тараўының 40 тан аслам ўәкиллери қатнасты.

    Илаж Туризм комитети, Өзбекстанның Астана қаласындағы елшиханасы ҳәм Ақтаў қаласындағы Бас консуллығы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

    Ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстанның туризм имканиятлары ҳәм мәдений-тарийхый мийрасы ҳаққында презентация өткерилди. Сондай-ақ, Ақтөбе ўәлаяты туристлик компанияларының ўәкиллери Өзбекстанның туристлик орайлары, сийрек ушырасатуғын жөнелислери, транспорт-логистика имканиятлары ҳәм мәмлекеттеги белгили туризм түрлери менен жақыннан танысты.

    Қазақстанлы туроператорлардың ўәкиллери Қазақстан пуқараларының Өзбекстанға туристлик сапарларын шөлкемлестириўге үлкен қызығыўшылық билдирди. Атап айтқанда, Қазақстаннан туристлер, әсиресе, Ақтөбе ўәлаятынан келиўши туристлер Өзбекстанның тарийхый қалаларына, Чимён таўлары, Қызылқум шөли ҳәм Арал теңизи бойлап экологиялық туризмге, сондай-ақ, гастрономиялық ҳәм медициналық-саламатландырыў туризмине қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди.

    Ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстанның пүткил Қазақстаннан туристлерди тартыў ушын өзине тән имканиятларға ийе екенин атап өтти, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.