Атап айтқанда, халыққа хызмет көрсетиў процесслерин санластырыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәнигелерди заманагөй техника қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде, Қараөзек район ҳәкимлиги тәрепинен мәҳәллелердеги социаллық хызмет көрсетиўши 9 хызметкерге 9 заманагөй компьютер тапсырылды.

Онда район ҳәкими Анвар Баймуратов қатнасып, соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында алып барылып атырған реформалар ҳәм унамлы нәтийжелери ҳаққында айтып, бул жумысларды еле де даўам еттириў ҳәм халықтың разылығына ерисиў зәүрлигин айрықша атап өтти.

Әлбетте, «Инсан» социаллық хызметлер орайы хызметкерлерине жаратылып атырған бундай қолайлы шараятлар, олардың ҳүжжетлер менен ислесиўди жедел ҳәм сапалы әмелге асырыў, халықтың мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў ҳәм ҳәр бир мүтәж шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.