Орайлық Азия - тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлық мәканы

    Усы жыл 4-5-август күнлери Түркменстанда болып өткен БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясының күн тәртибинен орын алған әҳмийетли мәселелер дүнья жәмийетшилигиниң итибарында болып тур.

    БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, басқа да бир қатар мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары қатнасқан бул абырайлы әнжуманда мәмлекетимиз басшысы шығып сөйледи.

    Теңиз жолы жәҳән саўда айланысының салмақлы бөлимин қурайды. Бул өз-ара саўда ҳәм бирге ислесиў, социаллық-экономикалық раўажланыў, инвестицияларды тартыў ушын қолайлы имканият болып есапланады. Бирақ 32 мәмлекет, соның ишинде, Орайлық Азияның барлық мәмлекети теңизге тиккелей шығыў имканиятына ийе емес. Географиялық жақтан теңиз портларынан узақлық, теңиз жолларына бир неше мәмлекет аймағы арқалы шығыў болса бир қатар машқалаларды пайда етпекте. Булар - жоқары тарифлер, транспорт коридорлары ҳәм инфраструктуралардың өткериў имканиятының шекленгени, сондай-ақ, басқа мәмлекетлердиң бажыхана-транзит сиясатына байланыслылығында көзге тасланбақта.

    Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, бундай факторлардың тәсиринде, атап айтқанда, транспорт қәрежетиниң жоқарылығы ҳәм транзит системасының турақсызлығы себепли Орайлық Азия регионы ҳәр жылы жалпы ишки өнимниң еки процентине шекемги бөлегин жоғалтпақта. Логистика қәрежети өнимлердиң улыўма баҳасында 60 процентке шекем жетпекте. Бул цифр дүньядағы орташа көрсеткиштен бир неше есе жоқары. Сонлықтан, исенимли жаңа транзит коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў Орайлық Азияда турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторына айланбақта.

    Президентимиз бул бойынша тоқтап өтип, илаж қатнасыўшыларын бирлестирген күн тәртиби фундаменталлық мәселе - әдиллик мәселесине байланыслы екенин, бул - теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлерге жәҳән экономикасында теңдей шараятларда қатнасыў имканиятын тәмийинлеў екенин айрықша атап өтти.

    - Бул оғада әҳмийетли ўазыйпаны шешиў ушын үш принципиал шәртти орынлаў зәрүр. Булар - турақлы раўажланыў тийкары сыпатында инфраструктураны модернизациялаў, транзит машқалаларын сапластырыў мақсетинде өз-ара байланыслылықты күшейтиў, глобал тең ҳуқықлылықтың әҳмийетли элементи болған раўажланыў ҳуқықын тәмийинлеў болып есапланады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

    Усы мақсетте Өзбекстанда кейинги жыллары жеке меншик секторды жедел тартқан ҳалда заманагөй транспорт-логистика тармақларын қурыў бойынша системалы қәдемлер тасланбақта. Мәмлекетимиз логистика ашық-айдынлығы мәселелеринде жоқары динамика көрсетпекте. Саўда-транспорт процесслерин санластырыў бағдарында комплексли илажлар көрилмекте. Экономикада структуралық реформалар, саўда системасының либералластырылғаны ҳәм инвестициялық орталықтың түп-тийкарынан жақсыланғаны салмақлы нәтийжелер бермекте. Бәсекиге шыдамлылық артты, инновациялық раўажланыў тезлести.

    Орайлық Азияда өз-ара исеним ҳәм шериклик жаңа дәрежеге көтерилгени болса жедел өзгерислерге күшли түртки бермекте. Ҳәзирги ўақытта регионымызда бирден-бир транспорт-логистика мәканы қәлиплеспекте. Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық транзит хабына айландырыў ушын ири бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Халықаралық конференция күн тәртиби оғада тығыз болды. Оның шеңберинде регионаллық ҳәм глобал машқалаларды шешиўге байланыслы бир қатар илажлар да шөлкемлестирилди.

    Бурынғы абырайлы халықаралық илажларда болғаны сыяқлы бул ретки конференцияда да Өзбекстан тәрепиниң басламасы менен мәмлекетлераралық, регионаллық ҳәм өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Соның ишинде, Президентимиздиң БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Бас министри Али Асадов пенен үш тәреплеме ушырасыўлары болып өтти. Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзени қабыллады.

    Конференция шеңберинде мәмлекет басшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан миллий күнлерине бағышланған илажларда қатнасты.

    Өзбекстан Президентине Түркменстанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы - "Бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" орденин тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим халықаралық илаждың әҳмийетли ўақыяларынан бири болды. Мәмлекетимиз басшысы Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа ҳәм туўысқан түркмен халқына жоқары мәмлекетлик сыйлық ушын терең миннетдаршылық билдирди.

    - Бул сыйлық Өзбекстан ҳәм оның көп миллетли халқына айрықша итибар ҳәм ҳүрмет, Президентимиздиң басламасы менен Орайлық Азия регионында дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы ийгиликли жумыслардың үлкен тән алыныўы болды, - дейди Олий Мажлис Сенаты комитет баслығының орынбасары Қобил Турсунов. - Мәмлекетимиз басшысына усынылған бул сыйлық бириншиси емес. Президентимиз бурын да бир қатар мәмлекетлердиң абырайлы орден ҳәм сыйлықлары менен сыйлықланған. Қазақстанның "Алтын қыран" ҳәм "Дўстлик", Қырғызстанның "Данакер", Тәжикстанның "Зарринтож", Россияның Александр Невский, Францияның Ҳүрметли легионы, Түркияның "Республика" орденлери, Түркий дүньяның жоқары ордени, ҒМДА ҳүрметли белгиси, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының ҳүрметли белгиси ҳәм басқалар усылардың қатарына киреди.

    Бул соңғы жылларда мәмлекетимиздеги ашық-айдынлық, өз-ара дослық, жақсы қоңсышылық сиясатының халықаралық көлемдеги әҳмийетли тән алыныўы болып табылады. Бул илаж бундай байланысларды буннан былай да раўажландырыў, елимизди, регионымызды раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болады.

    - Президентимиз Түркменстанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғаны пүткил Өзбекстан халқы қатарында усы жерде жасап атырған түркмен миллетиниң ўәкиллерине де жоқары мақтаныш бағышлады, - дейди Түркмен миллий мәдений орайының басшысы Гулдона Авездурдиева. - Бул жаңа Өзбекстанның дослық ҳәм тынышлық сүйер сыртқы сиясатына берилген жоқары баҳа болып есапланады.

    Мәмлекетимиздиң мине усындай ийгиликли сиясаты себепли қоңсы мәмлекетлер менен байланыслар жыл сайын раўажланбақта. Атап айтқанда, бай тарийхый тәжирийбе, туўысқанлық ҳәм өз-ара ҳүрмет дәстүрлерине тийкарланған Өзбекстан - Түркменстан қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Кейинги жылларда әҳмийетли экономикалық-гуманитарлық жойбарлар әмелге асырылмақта, өз-ара саўда көлеми ҳәм кооперация көлеми кескин артты. Бул мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм халықларымыздың абаданлығы артыўына беккем тийкар жаратпақта. Өз-ара қатнасықларымыз буннан былай да беккемленип баратуғынына исенемиз.

    Бул илаж регионаллық өзине тәнлик ҳәм мәдений ҳәр түрлиликтиң гезектеги үлгиси сыпатында өз-ара түсинисиўди беккемлеўге және Орайлық Азияны тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлық мәканы сыпатында көрсетиўде әҳмийетли қәдем болды. Оның шеңберинде қабыл етилген Аваза декларациясында белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара интеграциясын күшейтиў, дослық, туўысқанлық байланысларын және де беккемлеў, теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер ушын раўажланыўдың жаңа ҳәм жарқын перспективаларын ашыўға хызмет етеди.

    Улыўма алғанда, Президентимиздиң бул әмелий сапары Өзбекстан - Түркменстан қатнасықларының раўажланыўына жаңа пәт бағышлаўы менен бирге, мәмлекетлеримиз арасындағы тығыз бирге ислесиў, туўысқанлық, жақсы қоңсышылық байланысларының өзине тән айқын көриниси болды. Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов Түркменстанда қәлиплескен протокол қағыйдаларынан шығып, Президентимизди аэропортта жеке өзи шығарып салғаны да өз-ара ҳүрметке тийкарланған қызғын ҳәм дослық қатнасықларымыз, халықларымыз арасындағы ҳақыйқый туўысқанлық байланысларының бийбаҳа үлгиси болып есапланады.

    Баҳор ХИДИРОВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates