Қарарға бола, Министрлер Кабинетиниң 729-санлы қарарына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:
Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги Министрлер Кабинетине өткерилгени мүнәсибети менен оның жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыў;
Органикалық ҳәм органикалық-минерал төгинлер қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламентти жаңа редакцияда баян етиў;
Органикалық ҳәм органикалық-минерал төгинлер қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламентти енгизиў схемасын тастыйықлаў.
Сондай-ақ, қарарға бола жаңа редакцияда баян етилген "Органикалық ҳәм органикалық-минерал төгинлер қәўипсизлиги ҳаққында"ғы техникалық регламент 2025-жыл 1-майдан баслап күшке киретуғыны белгиленди.