Халықаралық туризм академиясының Самарқанд кампусы шөлкемлестирилмекте

    Билимлендириў 21 қараша 2025 315

    "Халықаралық туризм академиясының Самарқанд кампусы жумысын Жәҳән туризм шөлкеминиң қәўендерлигинде шөлкемлестириў ҳаққында"ғы Президент қарары қабыл етилди (20.11.2025-жыл ПҚ-350-санлы).

    Қарарға муўапық, БМШтың Дүнья жүзилик туризм шөлкеми қәўендерлигинде шөлкемлестирилген Халықаралық туризм академиясының (кейинги орынларда - Академия) Самарқанд кампусы жумысының төмендеги мақсетли көрсеткишлери белгиленди, атап айтқанда:

    дүньяның ең абырайлы 10 билимлендириў шөлкеми рейтингине киргизилген билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм қәнигелер таярлаўды жолға қойыў;

    1 айға шекемги мүддетте маманлық арттырыў оқыў курсларын ҳәм 8 айға шекемги мүддетте қайта таярлаў оқыў курсларын шөлкемлестириў.

    Академия "Жипек жолы" туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университети қурамына киреди.

    Академияда оқытыў Өзбекстанда әмел етип атырған билимлендириў түрлери бойынша өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылады.

    2025-жыл 1-декабрьден баслап:

    туризм тараўы субъектлериниң қәнигелери шәртнама тийкарында қайта таярланады ҳәм маманлығын арттырады.

    ҳәр жылы Жәҳән туризм шөлкемине ағза мәмлекетлердиң 100 қәбилетли қәнигелерине Академияның қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарламалары бойынша оқыў ушын арнаўлы грантлар ажыратылады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates