Қарарға бола, "Аралбойы регионында медициналық хызметтиң сапасын арттырыў" жойбары бойынша төмендегилер тастыйықланды:
жойбардың тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлери;
жойбарды әмелге асырыў шеңберинде “KfW” банкиниң қарызларын қайтарыў, соның ишинде қосымша ҳақы ҳәм процентлер төлеўдиң прогноз кестеси;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты медицина мәкемелери ушын сатып алынатуғын медициналық үскенелердиң бөлистирилиўи;
сатып алынатуғын арнаўлы автотранспорт қуралларының аймақлар бойынша бөлистирилиўи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў, грантлардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым есапланады.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы "Харидлар орайы" мәмлекетлик мәкемеси Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде дүзилген шәртнамалар бойынша жүк қабыл етиўши контрагент есапланады.
Әдиллик министрлиги Өзбекстан ҳәм “KfW” банки арасында қол қойылған қарыз ҳәм грант келисимлери бойынша юридикалық жуўмақ береди.