Пайтахт ҳәкимлигиниң мағлыўматларына бола, есап бериў дәўиринде Ташкент қаласының жалпы аймақлық өними 226,0 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13,3 процентке өскен.

Соның менен бирге, белгиленген прогноз 11,2 процентке орынланып, пайтахт республикамыздың барлық аймақлары арасында ең жоқары өсиў пәтин көрсетти.

2026-жылдың алты айында санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 109,6 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 8,0 процентке өскен. Санааттың өсиўи бойынша белгиленген 8,0 процентлик прогноз толық орынланған.

Есап бериў дәўиринде инвестиция тараўында 4,3 миллиард АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери өзлестирилди. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есеге көп болып, сырт ел инвесторларының пайтахт экономикасына исеними артқанынан дәрек береди.

Буннан тысқары:

249 инвестициялық жойбар иске қосылған;

улыўма баҳасы 657,5 миллион АҚШ доллары болған жаңа жойбарлар пайдаланыўға тапсырылды;

9,8 мың жаңа жумыс орны жаратылып, мыңлаған шаңарақлар турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинленген;

1 миллиард 546,9 миллион АҚШ доллары муғдарында өним экспорт етилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 43 процентке артқан.

Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде 77 жойбар әмелге асырылып, 4,9 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарылған. Белгиленген көрсеткишлер 148 процентке орынланған.

Бул жойбарлар импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў, ишки базарды миллий өнимлер менен толықтырыў, өндирис қәрежетлерин азайтыў, кәрханалар арасында кооперациялық байланысларды раўажландырыўға хызмет етеди.

Локализациялаў жойбарлары есабынан 121,6 миллион долларлық өним экспорт етилди. Бул пайтахт кәрханаларының сыртқы базарлардағы орны беккемленип, жергиликли өнимлердиң халықаралық базардағы бәсекиге шыдамлылығы артып атырғанынан дәрек береди.

Ерисилген нәтийжелердиң тийкарғы социаллық тәсири - жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, халықтың дәраматларының өсиўи, заманагөй өндирислердиң иске қосылыўы, санаат потенциалының кеңейиўи, қаланың экономикалық ҳәм социаллық инфраструктурасын раўажландырыў ушын қосымша имканиятлардың қәлиплесиўи болып есапланады.