Президенттиң ПП-81-санлы Пәрманына муўапық, жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў процеси еки басқышта - "алдын тест, соң таңлаў" принципине муўапық әмелге асырылады.
1-басқышта абитуриентлер ҳәр жылы 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест сынағын тапсырыў ушын my.uzbmb.uz сайтында онлайн дизимнен өтеди ҳәм төмендегилерди таңлайды:
Тек тест сынағында қатнасса:
пәнлер комплекси;
билимлендириў тили;
тест тапсырыў аймағы.
Айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары бойынша кәсиплик/дөретиўшилик имтиханларда қатнасса:
билимлендириў тили;
тест тапсырыў аймағы;
айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдары;
кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан тапсырылатуғын жоқары оқыў орны.
Жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары июль-август айларында өткериледи.
2-басқышта абитуриентлер кириў имтиханлары толық жуўмақланғаннан соң 15 күн даўамында my.uzbmb.uz сайты арқалы төмендегилерди таңлайды:
жоқары билимлендириў мәкемеси;
бакалавриат тәлим бағдары;
билимлендириў формасы;
таңлаў үстинлиги.
Абитуриент тест сынағында топлаған балларын имтихан өткерилген күнниң ертеңине билиўи мүмкин. Оның студентликке усыныс етилген ямаса усыныс етилмегенлиги қабыллаў процесиниң 2-басқышы толық жуўмақланғаннан кейин бир ҳәпте мүддетте Билимди баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Техникумларда оқыў тилегин билдирген абитуриентлер жоқары оқыў орынларына қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан соң 10 күн мүддетте төмендегилерди таңлайды:
техникум;
кәсип ҳәм қәнигелик;
тәлим формасы.
Нәтийже бир ҳәпте мүддетте Билимди баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына қолайлықлар жаратыў мақсетинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде "Қабыллаў-2025" штабының жумысы жолға қойылды.
Буннан тысқары, пуқараларымыз Министрликтиң 1006, Агентликтиң 1195 исеним телефонлары ямаса @EduuzUniversalBotга арқалы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алыўы мүмкин.