Мәмлекетимиз басшысы Сердар Бердимуҳамедовты "Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы"нда БМШтың глобал конференциясы жоқары дәрежеде өткерилгени менен қызғын қутлықлап, Түркменстанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы - "Бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" ордени менен сыйлықлағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық шеңберинде Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў избе-из артып атырғаны, санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында кооперация кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел аймақлараралық ҳәм гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте.

Усы жылы өткерилиўи режелестирилген ҳүкиметлераралық комиссиялар мәжилислери, Исбилерменлер кеңеси, Аймақлар форумы ҳәм бир қатар мәдений илажлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды, жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси көрип шығылды.