Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин додалады

    Сиясат 3 сәуір 2025 3367

    3-апрель күни Самарқанд саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың ушырасыўы болып өтти.

    Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери 31-март күни Хоженд қаласында мәмлекет басшыларының үш тәреплеме ушырасыўы нәтийжели болғаны және мәмлекетлик шегаралардың тутас ноқаты ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

    Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери, атап айтқанда, санаат, транспорт, энергетика ҳәм инфраструктура тараўларында әҳмийетли кооперация жойбарларын жеделлестириў илажлары көрип шығылды.

    Мәмлекет басшылары жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Болажақ илажлар режеси ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң басқа да әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates