Командамыз топар басқышында Индонезияны 8:1, Непалды 13:0 ҳәм Бангладешти 3:0 есабында жеңип, ярым финалға жол алды. Ярым финалда болса Иракты 3:0 есабында жеңип, финалға шықты.

Финалда болса Өзбекстан сайланды командасы Индонезия үстинен 6:0 есабында жеңиске ерисип, Азия чемпионы болды!

Команда сәрдары Абдужамил Шукуров ҳет-трикке ерискен, Азиз Абдураҳмонов дублға ерискен. Және бир гол Қудрат Худайқулов есабына жазылды.

Усы тәризде Өзбекстан континент чемпионатындағы барлық ойынды ири есапта жеңип, жеңимпазлықты қолға киргизди.

3-орын ушын болып өткен беллесиўде Ирақ Бангладеш үстинен 4:0 есабында жеңип шығып, бронза медалына ийе болды.