Ушырасыў алдынан Беларус делегациясының басшысы Өзбекстан жетекшисине Президент Александр Лукашенконың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Көп қырлы Өзбекстан - Беларусь қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Товар алмасыў көлеми жедел артып атырғаны, санаат ҳәм аўыл хожалығында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылып атырғаны, аймақлар арасындағы бирге ислесиў нәтийжели болып атырғаны, мәденият, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Белсенди парламентлераралық сөйлесиўди даўам еттириў, соның ишинде, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң парламентлик қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм өз ўақтында орынланыўына жәрдемлесиў әҳмийетли екени атап өтилди.