Атап өтилиўинше, кеңес географиялық бөлистириўди есапқа алған ҳалда 3 жылға шекемги мүддетке сайланатуғын 49 ағза мәмлекеттен ибарат. Кеңес өз ўәкилликлери шеңберинде бюджет, ФАО бағдарламаларын додалайды ҳәм Конференцияға әҳмийетли қарарлар ҳәм усыныслар береди.
Өзбекстанның бул уйымға сайланғаны Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында әмелге асырылып атырған терең өзгерислер ҳәм мәмлекетимиздиң глобал процесслердеги орны артып атырғаны халықаралық көлемде тән алынғанының айқын көриниси болып есапланады.
ФАО Кеңесине ағзалық Өзбекстан ушын глобал аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат сиясатын қәлиплестириў, нормативлик ҳүжжетлер ҳәм стандартларды ислеп шығыў, миллий ҳәм регионаллық басламаларды усыныў, сондай-ақ, жойбарларды алға қойыў ҳәм қосымша қаржы ресурсларын тартыўда кең имканиятлар ашады.









