баннер
31 Mar 2025
03:45

    Өзбекстан делегациясы Брюсселдеги Глобал туризм форумының жыллық мәжилисинде қатнасты

    Өзбекстан делегациясы Белгияның Брюссел қаласында Жәҳән туризм форумы институты тәрепинен шөлкемлестирилген Глобал туризм форумының жыллық мәжилисинде "бирге ислесиўши мәмлекет" статусында қатнасты.

    Мәжилисте Греция, Испания, Италия, Германия, Австрия, Финляндия, Швеция, Уллы Британия, Түркия, Әзербайжан, Малайзия, БАӘ, Малдив атаўлары ҳәм басқа да мәмлекетлерден бурынғы ҳәм әмелдеги туризм администрацияларының басшылары, Европокомисарлар, Европа Парламенти ағзалары, сондай-ақ, туризм тараўы менен шуғылланатуғын бир қатар халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери тиккелей ҳәм онлайн қатнасты.

    Өзбекстан тәрепи қатнасыўшыларды кейинги жыллары мәмлекетимизде туризм тараўында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелери, соның ишинде, турақлы туризмди раўажландырыў бағдарында исленип атырған жумыслар менен жақыннан таныстырды. Мәмлекетимиздиң туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаўшы мүйеш шөлкемлестирилди, бир қатар видеороликлер көрсетилди.

    Сапар даўамында туризм тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалаў мақсетинде бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилди, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech