Өзбекстан футболшылары регионаллық кубокты қолға киргизди

    Сиясат 9 қыркүйек 2025 1677

    Пайтахтымыздағы Олимпия стадионында “CAFA Nations Cup” турнириниң финал ойыны болып өтти. Оған Президент Шавкат Мирзиёев барды.

    Финалда Өзбекстан ҳәм Иран сайланды командалары беллесиў өткерди. Тийкарғы ўақытта гол урылмаған соң, қосымша таймлар белгиленди. Олар да теңбе-тең болып, ойын пенальтилер сериясына қарай баратырған ўақытта Өзбекстан жеңис голин киргизди. 120-минутта қанаттан асырылған топты Ҳожиакбар Алижонов басы менен қарсылас дәрўазасына жоллады.

    Усы тәризде Өзбекстан миллий сайланды командасы 2025-жылғы “CAFA Nations Cup” жеңимпазы болды.

    Жеңимпаз футболшыларымызға алтын медаллар менен кубокты Президентимиз Шавкат Мирзиёев тапсырды. Сыйлықлаў мәресиминде FIFA басшысы Жанни Инфантино ҳәм басқа да рәсмий шахслар да қатнасты.

    Бул кубок ойынлары жәҳән чемпионатына шыққан футболшыларымыз ушын жақсы таярлық ўазыйпасын атқарады. Және бир қуўанышлы тәрепи, миллий сайланды командамыздың Иранға қарсы 13 жыллық жеңиссиз сериясы жуўмақланды. 2023-жылы өткерилген биринши усындай жарыста да Өзбекстан финалда Иранға 0:1 есабында жеңилген еди.

    CAFA - Орайлық Азия футбол ассоциациясы. CAFA кубоги ҳәр еки жылда өткериледи. Быйылғы жарыста, сондай-ақ, Аўғанстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Ҳиндстан, Оман сайланды командалары қатнасты.

    Бул жарыс жақында қурып питкерилген Олимпиада қалашасында өткерилген биринши халықаралық турнир болып, мәмлекетимиз спортшылары ушын жеңис пенен басланғанын атап өтиў керек. Онда рәмзий мәнис ҳәм жақсы тилеклер пайда болды. Бундай стадионлар, спортқа қаратылып атырған итибар елимизге бәрқулла жеңислер алып келе берсин.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates