Сапар даўамында Галисия автоном жәмийети администрациясы жуўапкерлери ҳәм жетекши компаниялар басшылары менен ушырасыўлар өткерди.
Галисия автоном жәмийетиниң президенти кеңесгөйи Диего Кальво менен ушырасыў ўақтында испан тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың көлемин жоқары баҳалады ҳәм еки тәреплеме байланысларды беккемлеўге таяр екенин билдирди. Аўыл хожалығы, жеңил санаат, автомобиль қурылысы, нефть-химия, фармацевтика, сондай-ақ, туризм ҳәм мийнет миграциясы тараўларындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Президент кеңесгөйи Галисия Өзбекстан менен бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екенин тастыйықлады. Әсиресе, Ташкенттен Мадридке тиккелей авиақатнаўлардың ашылыўын есапқа алған ҳалда мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша келисимге ерисилди.
«Inditex» бас директоры Оскар Гарсия менен сөйлесиўлер ўақтында тоқымашылық санаатында қоспа өндиристи шөлкемлестириў имканиятлары додаланды. Өзбекстан тәрепи тараўдың бәсекиге шыдамлы абзаллықларын, соның ишинде, ресурс потенциалы, преференциялар ҳәм логистика имканиятларын усынды. Өзбекстандағы заманагөй кәрханаларға буйыртпа бериў ҳәм турақлы өндирис технологияларынан пайдаланған ҳалда қуўатлықларды жаратыў бойынша тәжирийбе жойбарларын ислеп шығыў усыныс етилди.
«Inditex» компаниясының басшылығы Өзбекстанда логистиканы оптималластырыў ҳәм өндирис өзине түсер баҳасын азайтыў имканиятын беретуғын орайды жаратыў арқалы жеткерип бериў шынжырын кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди. Испания тәрепи, сондай-ақ, Өзбекстан турақлы тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў ушын перспективалы базар сыпатында көрилетуғынын атап өтти.
Өзбекстан елшиси сапар даўамында «Rodriguez Lopez Auto» компаниясының бас директоры Хосе Энрике Родригес пенен сөйлесиў өткерди. Додалаўдың тийкарғы темасы Өзбекстанда қыстаўлы медициналық жәрдем системасын раўажландырыў болды.
Компания қоңсы мәмлекетлерге өнимди экспорт етиў имканиятына ийе заманагөй медициналық автомашиналарды биргеликте ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе жойбарын әмелге асырыўдан мәпдар екенин билдирди, деп хабар береди "Дунё" ХА.