Делегация қурамына мәмлекетимиздиң «Rocket DMC», «Orient star group», «Sonder Voyage», «Uzbekistan Discovery», «Zamin travel», «El mundotour», «Olympic tour», «Advantour», «Asialux Travel», «Dolores», «Samarcanda adventures» сыяқлы ири туристлик компанияларының ўәкиллери де кирди.
Өзбекстан миллий стендинде туристлик компанияларымыздың туристлик өнимлери, соның ишинде, жаңа жөнелислер ҳәм турпакетлер көрсетилмекте.
Көргизбеде өзбек миллий музыкасы, халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм аяқ ойынлары кеңнен үгит-нәсиятланып атыр, сондай-ақ, елимиздиң бай мәдений мийрасы ҳәм туристлик имканиятларын көрсетиўши материаллар усыныс етилмекте.
Өзбекстан делегациясы халықаралық туроператорлар менен бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде B2B ҳәм B2G ушырасыўларын, сондай-ақ, сырт ел делегацияларының басшылары және жәҳән туризм тараўының ўәкиллери менен сөйлесиўлерди жедел өткермекте, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.
Мағлыўмат ушын: «FITUR» Мадридтеги «Ifema» көргизбелер орайында турақлы түрде өткерилетуғын халықаралық туризм көргизбеси болып есапланады. Көргизбеде ҳәр жылы туризм тараўының барлық бағдарларының ўәкиллери: туроператорлар, туристлик агентликлери, мийманханалар, тасыўшылар, туризм бойынша уйымлар, хызмет көрсетиўши компаниялар ҳәм басқалар қатнасады. Өзбекстан «FITUR» халықаралық көргизбесинде 2005-жылдан берли қатнасып келеди.
Бул абырайлы илаж Өзбекстанның Европадағы тийкарғы туристлик жөнелис сыпатында алға қойылыўы ҳәм туристлер ағымын арттырыў ушын жаңа платформа болып хызмет етеди.
«FITUR» 26-январьға шекем даўам етеди.









