Бул ҳаққында "Дунё" МА хабар бермекте.
Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық-ҳуқықый департаментиниң хабарына бола, Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен миграция ағымларын диверсификациялаў ҳәм Өзбекстан пуқараларының мийнет миграциясы географиясын кеңейтиў бойынша системалы жумыслар даўам еттирилмекте. Испания бул бағдарда перспективалы бағдарлардан бири сыпатында қаралмақта.
Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер әҳмийетли консуллық мәселелерин, виза тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларын додалады.
Ушырасыў шеңберинде Испания тәрепине Ҳәрекетшеңлик ҳәм миграция ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қол қойыў, Өзбекстаннан мийнет мигрантларын аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўларына тартыў бойынша тәжирийбе жойбарын иске қосыў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, Өзбекстанды Испанияда жумысқа жайластырыў ушын сырт елли жумысшыларды шөлкемлестирилген жаллаў системасына (GECCO) киргизиў имканиятларын көрип шығыў усыныс етилди.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Испания тийисли уйымлары арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыўды тереңлестириўге таяр екенин билдирди. Келешектеги бирге ислесиў, соның ишинде, миграция тараўындағы бирге ислесиў перспективалары тастыйықланды.