баннер
7 Mar 2025
11:16

    Өзбекстан оқыўшылары тәрепинен сызылған сүўретлер Токиода көрсетилмекте

    28 Yanvar 2025 750

    Япония пайтахтындағы Миллий көркем өнер сарайында усы жылы 23-январь - 2-февраль күнлери болып өтип атырған "Көркем өнер - шегарадан асып" атамасындағы сүўретлер көргизбесинде Өзбекстан балаларының сүўретлери мүйеши шөлкемлестирилди.

    Өзбекстан балаларының сүўретлерин көрсетиў мәмлекетимиз елшиханасы тәрепинен Халықаралық Сумие жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилди.

    Бул көргизбеде 35 мәмлекеттен жыйналған 500 ден аслам көркем өнер шығармалары көрсетилмекте. Өзбекстан мүйеши Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары тәрепинен сызылған 30 сүўрет пенен безетилди. Сүўретлерде елимиз тәбиятының гөззаллығы, мәдений мийрасы, миллий кийимлери, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң тарийхый ҳәм дыққатқа ылайық орынлары сүўретленген.

    Көргизбениң ашылыў мәресиминде Өзбекстан дипломатлары қатнасып, шөлкемлестириўшилерге көп жыллардан берли Японияның орайлық көркем өнер сарайларының биринде өзбек балалары тәрепинен сызылған сүўретлери арқалы елимиздиң мәденияты ҳәм үрп-әдетлерин япон жәмийетшилигине кеңнен көрсетиў имканияты жаратып берилип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

    Сондай-ақ, халықаралық көргизбелерде қатнасыў өзбекстанлы жасларды руўхландырып, олардың және де нәтийжели дөретиўшилигинде кең имканиятлар ашатуғыны атап өтилди.

    Көргизбе шөлкемлестириўшиси, Халықаралық Сумие жәмийетиниң баслығы, белгили япон художниги Тохун Кобаяши Өзбекстан оқыўшыларының дөретиўшилик шынығыўларын атап өтти.

    "Токио орайында жайласқан белгили Миллий көркем өнер сарайында 22- мәрте өткерилип атырған "Көркем өнер - шегарадан асып" атамасындағы сүўретлер көргизбеси 23-январьдан өз жумысын баслады. Бул ири көргизбениң "Балалар сүўретлери" бөлиминде турақлы түрде Өзбекстан мектеп оқыўшыларының сүўретлери көрсетилмекте, деп хабар береди "Дунё" ХА.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech