Өзбекстан Кувейтте логистика орайын дүзеди

    19 ақпан 2025 1460

    Өзбекстан Кувейтте азық-аўқат, тоқымашылық, былғары, гилем ҳәм басқа да Өзбекстан товарларын сақлайтуғын ири қоймахана қурыўды режелестирмекте.

    Бул ҳаққында Өзбекстан елшиси Аюбхон Юнусов мәлим етти, деп хабар береди Ал жарида.

    Дипломаттың сөзлерине бола, кейин ала оның тийкарында Өзбекстаннан Персия қолтығы мәмлекетлерине өним жеткерип бериў ушын регионаллық логистика орайын шөлкемлестириў режелестирилген.