"Дунё" МАның хабар бериўинше, сапар шеңберинде институт басқарма ағзасы Михаил Саврасов ҳәм "Санлы экономика ҳәм бизнес" докторантурасының директоры, профессор Инна Стеценко Ташкент мәмлекетлик транспорт университети проректоры Баҳодир Тўраев ҳәм Миграция агентлиги директорының орынбасары Азим Ҳусанов пенен ушырасыўлар өткерди.
Сөйлесиўлер ўақтында транспорт ҳәм логистика бағдарларында кадрлар таярлаў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.
Ташкент мәмлекетлик транспорт университетинде Европа стандартлары бойынша сертификатланған аўыр жүк тасыўшы автотранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Балтық бойы ҳәм Скандинавия мәмлекетлериндеги жетекши транспорт-логистика компанияларына жумысқа жайластырыў бойынша келисимге ерисилди.
Тәреплер Латвия Транспорт ҳәм коммуникациялар институтының профессор-оқытыўшыларын тартқан ҳалда қәнигелестирилген әмелий ҳәм методикалық оқыў бағдарламасын ислеп шығыў процесин баслаўға қарар етти.
Профессор Инна Стеценко Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде профессор-оқытыўшылар ушын "Экотуризм ҳәм "жасыл экономика" темасында лекция оқыды. Илажда туризм тараўында Европа стандартларын енгизиў ҳәм Өзбекстанда "жасыл" экономиканы раўажландырыў бойынша тәжирийбе алмасылды.