Атап өтилиўинше, Қытай компаниясы 2024-жылы Өзбекстанның шығындылардан энергия ислеп шығарыў базарына кирип, мәмлекеттиң турақлы өсиўин қоллап-қуўатлаў ушын алдынғы технологиялық шешимлерди усынып атыр.
Қурылысы нәзерде тутылған заводлардың иске қосылыўы менен Өзбекстан Орайлық Азияда турмыслық шығындыларды энергияға айландыратуғын заводларға ийе болған биринши мәмлекетке айланады.
Компания, сондай-ақ, Өзбекстанның буннан былай да раўажланыўы ушын хызмет ететуғын Қытайдың заман талапларына жуўап беретуғын жоқары технологиялық өндирис үскенелери ҳәм ҳәр қыйлы бағдарлардағы ири алдынғы компанияларын тартыўға өз үлесин қосыўды режелестирмекте.
"Өзбекстан ушын жаңа болған бул бағдарда кадрлар таярлаў, жергиликли жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм тараўға байланыслы шөлкемлер менен биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ҳәм нызамшылыққа тийисли норматив ҳүжжетлерди биргеликте ислеп шығыў бағдарында да бирге ислесемиз.
Өзбекстандағы жойбарларымызды кеңейтиў мақсетинде дерлик 1 миллиард АҚШ долларына тең болған инвестиция киргизиўди режелестирмектемиз.
Үмит етемиз, 2025-жылы да бирге ислесиўимиз жүдә нәтийжели болады ҳәм еки тәреплеме қатнасықларымыз және де жеделлеседи", - дейди компания басшысы өзиниң интервьюинде.