Атап өтилиўинше, бул ойын алдынан командалардың рәсмийлер қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Онда ОФК тәрепинен қатнасыўшыларға ойынға байланыслы бир қатар мәселелер, атап айтқанда, регламент, медиа, маркетинг, медицина ҳәм қәўипсизлик бағдарлары бойынша түсиниклер ҳәм еслетпелер берип өтилди.

Бул ушырасыўда футболшыларымыз толық ақ, дәрўазаманымыз болса қара формада ҳәрекетленеди.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы ойынды "Бунёдкор" стадионынан сәўлелендириў тилегинде болған ҒХҚ ўәкиллери тек ғана Жәҳән чемпионатының 3-саралаў басқышы аккредитациясын усынған ҳалда 5-кириў дәрўазасы арқалы стадионға кириўи мүмкин.

Ушырасыў алдынан Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени мүнәсибети менен байрам илажының шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Сол себепли, аккредитацияға ийе ҒХҚ ўәкиллери стадионға ертерек келип, өз орынларын ийелеўи соралады. 5-кириў дәрўазасы ойыннан 3 саат алдын (15:45) да ашылады.