Өзбекстан мобил интернет тезлиги бойынша ҒМДАда үшинши орынды ийеледи

    26 шілде 2025 4216

    “Speedtest Global Index” басылымы 2025-жыл июнь жағдайына бола интернет тезлиги бойынша дүнья рейтингиниң нәтийжелерин жәриялады.

    Оған бола, Өзбекстан мобил интернет тезлиги бойынша 103 мәмлекет арасында 71-орынды ийеледи. Мәмлекетте орташа мобил интернет тезлиги 55,78 Мбит/секундты қураған. Бул көрсеткиш пенен Өзбекстан Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) мәмлекетлери арасында Қазақстан ҳәм Россиядан соң, үшинши орынға жайласты.

    Дүнья көлеминде болса биринши орынды Бирлескен Араб Әмирликлери (546,14 Мбит/секунд) ийеледи. Екинши орында Қатар (517,44 Мбит/секунд), үшинши орында болса Кувейт (378,45 Мбит/секунд) дизимге алынған.

    Күшли онлыққа сондай-ақ, Бахрейн, Бразилия, Болгария, Қубла Корея, Қытай, Саудия Арабстаны ҳәм Дания сыяқлы мәмлекетлер кирген.

    Рейтингтиң ең төменги текшелеринен болса Эсватини (18,36 Мбит/сек, 101-орын), Беларусь (17,97 Мбит/сек, 102-орын) ҳәм Боливия (13,19 Мбит/сек, 103-орын) орын алған.