Өзбекстан нотариуслары делегациясы Монголиядағы халықаралық илажларда қатнасты

    Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында мәмлекет нотариат системасы шөлкемлестирилгенине 100 жыл толыўы мүнәсибети менен салтанатлы илажлар болып өтпекте.

    25-28-июнь күнлери шеңберинде халықаралық ушырасыўлар ҳәм конференциялар шөлкемлестирилди, олар нотариат тараўындағы көплеген халықаралық қәнигелер ҳәм шөлкемлерди бирлестирди.

    Илажлар шеңберинде Халықаралық нотариуслар аўқамы (ХНА) Азия ислери комиссиясының 15-жалпы мәжилиси ҳәм тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли темаларда ушырасыўлар болып өтти. Оларда Өзбекстаннан Нотариал палата баслығы Дилшод Ашуров басшылығындағы делегация да белсене қатнасты.

    Илажлар халықаралық конференция менен басланды. Онда "Нотариат тараўында нызамшылықты жетилистириў тенденциялары" атамасында баянатлар тыңланды. Соның ишинде, Дилшод Ашуров "Өзбекстан нотариуслары тәрепинен медицияны әмелге асырыў әмелияты" атамасында презентация өткерди. Медиатация тараўында ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳәм көзқараслары додаланды.

    Кейинги күни ХНА Азия ислери комиссиясының 15-жалпы мәжилиси болып өтти. Онда комиссияға ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери 2024-2025-жылларда әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди. Мәжилис даўамында басқарыў системасы ҳәм ўәкиллик мүддетлерине өзгерислер киргизилди ҳәм жаңа басшылардың кандидатуралары белгиленди.

    Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы тәрепинен "Аралықтан нотариал ҳәрекетлерди ҳуқықый тәртипке салыў ҳәм әмелде енгизиў" темасында презентация усынылды. Онда санлы нотариат хызметлерин енгизиў бойынша әмелий жумыслар баян етилди.

    Бундай халықаралық форумларда қатнасыў нотариат тараўында бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм алдыңғы әмелиятларды енгизиўге хызмет етеди.

    Илажлар жуўмағында Монголия Нотариал палатасының баслығына естелик саўғалары тапсырылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates