Бүгин, 22-февраль күни даўам етип атырған Сенаттың төртинши жалпы мәжилисинде "Қоршаған орталық пенен байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус, 1998-жыл 25-июнь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында"ғы Нызам көрип шығылды.
Бул Конвенция инсанның саламат қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын қорғаўға қаратылған әҳмийетли халықаралық ҳүжжет болып, ол тийисли мәмлекетлик уйымлар, пуқаралар ҳәм жәмийетшилик арасында экологиялық мәлимлемелерди алыў ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған.
Атап өтилгениндей, халықаралық статусқа ийе ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети - экология, қоршаған орталық ҳәм пуқаралардың денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған қарарларды қабыл етиўде жәмийетшиликтиң қатнасыўы менен байланыслы өз-ара қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм әдил судлаўға ерисиўди тәмийинлеўден ибарат.
Конвенцияда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен кең жәмийетшиликтиң сораўына бола ҳаўа, атмосфера, суў ҳәм топырақ сыяқлы қоршаған орталық элементлериниң қурамлық бөлимлерине байланыслы зәрүр мағлыўматларды усыныў, тараўды раўажландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм режелерди ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеў белгиленген.
Сенаторлардың пикиринше, Өзбекстанның бул Конвенцияға қосылыўы экология ҳәм қоршаған орталық тараўында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин мүнәсип тәмийинлеўге, сырт елли бирге ислесиўши мәмлекетлер менен биргеликте экологиялық қәўипсизликке ерисиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди әмелге асырыўға, сондай-ақ, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы унамлы имиджи ҳәм абырайын және де арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен Нызам мақулланды.