Усы көзқарастан "Қоршаған орталық пенен байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус, 1998-жыл 25-июнь) қосылыў ҳаққында"ғы Нызам қабыл етилди. 1045-санлы ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2025-жыл 11-мартта қол қойылды.
Мағлыўмат ушын, бул Нызам Нызамшылық палатасы тәрепинен усы жыл 11-декабрьде қабыл етилген ҳәм Сенат тәрепинен 22-февральда мақулланған.
Конвенцияның мақсети экология, қоршаған орталық ҳәм пуқаралардың денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған қарарларды қабыл етиўде жәмийетшиликтиң қатнасыўы менен байланыслы бирге ислесиўди тәртипке салыў, сондай-ақ, әдил судлаўдан пайдаланыўды тәмийинлеўден ибарат. Ол мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қоршаған орталықтың ҳаўа, атмосфера, суў ҳәм топырақ сыяқлы элементлери ҳаққында зәрүр мәлимлемени кең жәмийетшиликтиң талабына бола усыныўды, тараўды раўажландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм режелерди ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеўди белгилейди.
Өзбекстан Республикасының усы Конвенцияға қосылыўы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин мүнәсип қорғаўды тәмийинлеў, экологиялық қәўипсизликке ерисиў бойынша сырт елли бирге ислесиўши мәмлекетлер менен биргеликтеги ҳәрекетлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын және де арттырыўға хызмет етеди.