Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң мәлим етиўинше, гезектеги "Әҳмийетли 10 күнлик" 25-августтан 5-сентябрьге шекем даўам етеди.
10 күн даўамында республикадағы барлық жәмийетлик орынлар, бағлар, қыябанлар, көшелер ҳәм басқа да аймақлар шығындылардан тазаланады.
Сондай-ақ, халық, әсиресе, жаслар арасында экологиялық мәденият ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылады.
Мағлыўмат ушын, "Әҳмиетли 10 күнлик" илажлары Экология министрлиги, системалы шөлкемлер ҳәм аймақлық басқармалар тәрепинен турақлы түрде өткерип келинеди. Атап айтқанда, 2024-жылдың 25-декабринен 2025-жылдың 5-январына шекем өткерилген илажларда 800 263 жәмийетлик орынлар, мәҳәллелер ҳәм орайлық көшелер абат етилген және республика аймағы жәми 135 мың 200 тонна шығындыдан тазаланған.








