Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) конференция залында "Орайлық Азияда жабайы тәбиятқа қарсы жынаятларға қарсы гүресиўде потенциалды беккемлеў ҳәм жәрдемлесиў" жойбары шеңберинде ислеп шығылған yashiltamojnya.uz жаңа онлайн платформасының презентациясы болып өтти. Бул баслама Республикалық экологиялық ресурслар орайы "Экомектеп" тәрепинен, Өзбекстан Илимлер академиясы Зоология институтының жәрдеминде әмелге асырылмақта.
Атап өтилиўинше, yashiltamojnya.uz платформасы бажыхана ҳәм шегара хызметлери хызметкерлерине оператив жәрдем көрсетиў ушын мөлшерленген. Оның жәрдеминде жабайы фауна ҳәм флора ўәкиллерин тез анықлаў, олардың CITES конвенциясы бойынша статусын тексериў ҳәм зәрүр рухсатнамалардың бар екенлигин тастыйықлаў мүмкин. Бул, әсиресе, ҳайўанлар ямаса олардың бөлеклери (мүйиз, тери, тис ҳәм т.б.) сувенир ямаса үй ҳайўаны сыпатында жасырынған жағдайларда айрықша әҳмийетке ийе. Санлы қураллар инспекторлардың жумысын нәтийжелирек етеди ҳәм қәте қәўпин азайтады.
Қатнасыўшылар, сондай-ақ, орынлардағы қәнигелердиң маманлығын арттырыў зәрүрлиги ҳәм халыққа экологиялық жынаятлардың алдын алыўға байланыслы үгит-нәсиятлаў жумысларының әҳмийети ҳаққында пикир алысты.
Илаж даўамында Экология министрлиги, Green University, Қоршаған орталықты қорғаў тараўы хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы ҳәм "Экомактаб" МКШ арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.
Бул ҳүжжет қоршаған орталықты қорғаў тараўында стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған. Ол турақлы раўажланыў мақсетинде қоспа билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, шығындыларды басқарыў системасын жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыў, ҳаўа сапасы, биокөптүрлилик ҳәм суў ресурсларын қорғаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар басламаларын қоллап-қуўатлаў, IТ шешимлер ҳәм инновациялық жойбарларды раўажландырыў, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, жәмийетлик экологиялық инспекторларды оқытыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, илимий изертлеўлерди хошаметлеў және халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда экологиялық нызамшылықты жетилистириў процесслерин өз ишине алады.
"Жасыл Бажыхана" платформасының презентациясы Өзбекстанда ҳәм улыўма Орайлық Азияда экологиялық жумысты санластырыў жолында әҳмийетли қәдем болды. "Сораў-жуўап" сессиясы даўамында берилген сораўлар қатнасыўшылар платформасына бийпәрўа емеслигин көрсетти.








