2030-жылға шекем тоғай ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша мақсетли көрсеткишлер тастыйықланды

    5 шілде 2025 1321

    Экология министрлиги тәрепинен республиканың жасыллық дәрежесин және де арттырыў, тоғайларды көбейтиў бағдарында көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.

    Атап өтилиўинше, бул бағдардағы нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде министрлик жанындағы Тоғай агентлигиниң жумысы және де жетилистирилмекте.

    Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-майдағы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы 90-санлы Пәрманына муўапық, Тоғай хожалығы агентлиги Өзбекстан Республикасы Экология министрлиги жанындағы Тоғай жаратыў ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги (Тоғай агентлиги) етип қайта шөлкемлестирилди.

    Пәрманға бола, Тоғай агентлигине қосымша ўазыйпалар жүкленди. Яғный, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары илажларын шөлкемлестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм жер деградациясының алдын алыў агентлик жумысының тийкарғы ўазыйпалары қатарына киргизилди.

    Агентлик тәрепинен 2025-жылы жасыллық дәрежесин арттырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, 130 мың гектар аймақта тоғай жаратылды (жылдың ақырына шекем және 123 мың гектарда тоғайлар жаратылады). Барлық тоғай хожалықларында 123 млн дана нәл жетистирилди, соннан 30 млн данасы халық ҳәм шөлкемлерге берилди. Сондай-ақ, 2,7 мың гектарда қорғаў тоғайлықлары жаратылды, 2,7 мың гектар деградацияға ушыраған жерлер тикленди (бул сан жылдың ақырына шекем 7 мыңға жеткериледи), 5,9 мың гектарда дәрилик өсимликлер плантациялары, 10 мың тонна өним жетистирилди, "ин витро" лабораторияларының жумысы жолға қойылды ҳәм 20 мың гектар жер кем тәмийинленген шаңарақларға ижараға берилди.

    19-21-июнь күнлери өткерилген " Eco Expo Central Atsia 2025" халықаралық экологиялық технологиялар көргизбесинде Тоғай агентлиги бир қатар халықаралық компаниялар менен бирге ислесиў келисимлерине қол қойды. Бул келисимлер шөл зоналарында жасыл аймақлар жаратыў, қум боранларына қарсы технологияларды қолланыў, санлы тоғай басқарыў платформалары және 150 мың гектарда тоғай массивлерин жаратыўды қамтып алады.

    Мағлыўмат ушын, "Green University” жанында Қытай Илимлер академиясы Шинжон экология ҳәм география институтының филиалы шөлкемлестирилди. Ол жерде суўды үнемлейтуғын технологиялар тийкарында елатлы пунктлерди көклемзарластырыў, шөл ҳәм жайлаў экосистемаларын тиклеў, шор ҳәм қурғақ аймақларда галлофит ҳәм ксерофит өсимликлерди жетистириўге қаратылған лабораториялар жумыс алып барады.

    Ҳәзирги ўақытта сырт елли бирге ислесиўшилер менен бирге 5 районда (Арнасай, Нөкис, Қаракөл, Мүбәрек, Карманы) галлофит бағлар шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, Шинжон институтының қәнигелери тәрепинен Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяда жайлаўларды тиклеў бойынша усыныслар ислеп шығылмақта. Буннан тысқары, 142 миллион долларлық кредит ҳәм 11 миллион долларлық грант қаржылары есабынан тоғай ландшафтларын тиклеў жойбары әмелге асырылмақта. 2025-жылы 20 млн доллар өзлестирилди.

    "Жасыл мәкан" басламасын жаңа көзқараслар тийкарында жеделлестириў, дәрилик өсимликлер шийки заты ҳәм қайта ислеў системасын раўажландырыўға қаратылған Президент пәрманларының жойбарлары ислеп шығылды. Соның менен бирге, "Өзбеккосмос" ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен тоғай фонды жерлерин инвентаризациялаў бойынша мониторинг әмелге асырылмақта. Мониторинг нәтийжелерине бола, 1033 нызамсыз жағдай прокуратураға жиберилди.

    Мағлыўмат ушын, 2025-жыл 30-майдағы "Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы 197-санлы Президент қарарына тийкарланып, 2030-жылға шекем тоғай фонды ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша мақсетли көрсеткишлер тастыйықланды. Оған бола, 1,5 миллион гектарда тоғайлар жаратыў, 919 миллион түп нәл жетистириў, 47,7 мың гектар жерди өзлестириў ҳәм 18,7 мың гектар майданда қорғаў тоғайлықларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. 2030-жылға шекем барлық мақсетли көрсеткишлерди толық орынлаў мақсет етилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates