"Өзбекстан Республикасы Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы арасындағы тынышлық сөйлесиўлеринде әҳмиетли нәтийжеге ерисилгенин қоллап-қуўатлайды, - делинеди ҳүжжетте. - Күни кеше Вашингтонда тарийхый Биргеликтеги декларацияға қол қойылыўына Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы жетекшилериниң күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимлилиги, сондай-ақ, Америка Қурама Штатлары Президентиниң жедел тынышлық сүер ҳәрекетлери себепли ерисилди, деп есаплаймыз.

Барлық тәреплердиң көп жыллық келиспеўшиликти сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалаймыз. Қубла Кавказда узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылықтың мүмкин болғанынша тезирек орнатылыўы кең регионымыздағы барлық халықлардың мәпи ушын ири транспорт ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўға тийкар жарататуғынына исенемиз".