Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Қазақстан "жасыл" энергетика коридоры ҳаққында шәртнамаға қол қойды

    1 қаңтар 2025 622

    "Жасыл коридор" деп те аталатуғын бул жойбардың әмелге асырылыўы Европа Аўқамының "Жасыл келисим" сыяқлы жаңа басламаларын есапқа алған ҳалда саўда имканиятларын арттырады.

    Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан Республикалары арасында "Жасыл коридор" жойбары шеңберинде шөлкемлестириў шәртнамасына қол қойылды, деп хабар бермекте Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети.

    Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан Республикалары арасында "жасыл" энергия ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў тараўындағы бирге ислесиў байланыслары кеңеймекте.

    2024-жылдың 27-декабрь күни Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан Мәмлекет басшылары тәрепинен 2024-жылдың 13-ноябрь күни қол қойылған Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан Республикалары арасында "жасыл" энергия ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў" жойбары бойынша келисимди әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетлердиң система операторлары (Өзбекстан Республикасынан - "Өзбекстан миллий тармақлары" АЖ, Қазақстан Республикасынан - «KEGOC» АЖ, Әзербайжан Республикасынан — «Azerenerji» ОАЖ) тәрепинен шөлкемлестириў шәртнамасына қол қойылды.

    "Жасыл коридор" деп те аталатуғын бул жойбардың әмелге асырылыўы Европа Аўқамының "Жасыл келисим" сыяқлы жаңа басламаларын есапқа алған ҳалда саўда имканиятларын арттырады.

    Бул жойбар энергетика системаларымыздың турақлылығын беккемлеўге жәрдем береди, сондай-ақ, "жасыл" инвестициялар арқалы ыссыхана газлери шығындыларын азайтыў бойынша экологиялық мақсетлеримизге үлкен үлес қосады.

    Мағлыўмат ушын: тәреплер Әзербайжанның Баку қаласында жойбарды әмелге асырыў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестириў усынысын қабыл етти. Атап айтқанда, «CESI» компаниясы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын таярлаў ушын консалтинг компаниясы сыпатында қатнасады.