Бул тастыйықлаў гидроэнергия ислеп шығарыў арқалы климаттың өзгериўин жумсартыўға үлкен үлес қосқан унамлы экологиялық тәсирди ҳәм басқарыў структурасын және 2023-жылы социаллық көрсеткишлердеги жақсыланыўларды сәўлелендиреди.
Әҳмийетли тәрепи, бул 7 баллық сезилерли өсиў Жәмийетимизди Орайлық Азиядағы ең жоқары баҳаға ийе болған компанияға айландырды.
Бул рейтингке “Ўзбекгидроэнерго” АЖ жумысының 2023-жыл ушын Турақлы раўажланыў есабатын таярлаўда халықаралық консалтинг компанияларын тартпастан, өз күши менен - Жәмийет қәнигелериниң жедел ҳәрекетлери және билим ҳәм маманлығы себепли ерисилгенин атап өтиў керек.
“Ўзбекгидроэнерго” АЖның өз қуўатлықларын кеңейтиў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары БМШтың Турақлы Раўажланыў Мақсетлери (SDG) 7.2 бәнти (Renewable Energy) - қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыўға үлкен үлес қосады.
Sustainable Fitch рейтинглери ҳәм басқа өнимлер ҳаққында көзқарас
Sustainable Fitch тиң ESG рейтинглери экологиялық, социаллық ҳәм басқарыў нәтийжелилигин барлық актив түрлеринде, соның ишинде, шөлкем, платформа ҳәм инструмент дәрежесинде баҳалаў ушын глобал шешимди усыныс етеди. ESG финанслық жәмийетке жақсы ҳәм тийкарлы қарарлар қабыл етиўде жәрдем береди.
Рейтинглер экологиялық ҳәм социаллық өлшемлерди компанияның бизнеси, стратегиясы ҳәм басқарыўына интеграциялаў дәрежесин және басқарыўдың нәтийжелилигин көрсетеди. Бул рейтинглер "1" ден "5" ге шекемги шкала бойынша баҳаланады, бул жерде "1" ең жақсы, "5" болса ең жаман нәтийже есапланады.
Мәлимлеме хызмети.