баннер
31 Mar 2025
20:02

    "Жасыл" жеңиллетилген кредитлер энергия нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди

    Мәмлекетимиздеги барлық реформалар орайында инсан өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты, абадан турмысын тәмийинлеў арқалы халқымызды разы етиў идеясы жәмленген.

    Раўажланыўдың ҳәзирги басқышында қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларынан ҳәм ресурс үнемлеўши үскенелерден пайдаланған ҳалда халықтың турақ жайларын, социаллық тараў объектлерин ҳәм исбилерменлик субъектлерин ыссылық энергиясы менен турақлы тәмийинлеў зәрүрлиги сезилмекте.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясында "жасыл экономика"ға өтиў, оның тийкары болған қайта тиклениўши энергиядан пайдаланыў көрсеткишлерин кескин арттырыў бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин 25 мың мегаватт ҳәм улыўма тутыныўдағы үлесин 40 процентке жеткериў, көп қабатлы турақ жайлардағы квартиралардың энергия нәтийжелилигин баҳалаў системасын енгизиў, ыссыхана газлериниң жалпы ишки өним бирлигине салыстырғанда 2010-жылдағы дәрежеден 30 процент қысқартыў сыяқлылар нәзерде тутылған.

    Усы мақсетте мәмлекетимизде ыссылық тәмийнаты тараўын реформалаў, инновациялық технологияларды пайдаланған ҳалда имаратларда энергия шығынларын азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта. Гәп бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, ысырап етпеў ҳаққында болғанда, дана халқымыздың "Жатып жегенге таў да шыдамайды" деген нақылы еске түседи. Жаслығымызда ата-анамыз, жасы үлкенлерден бул нақылды, әсиресе, қыс күнлеринде көп еситкенбиз. Энергия ресурслары да тәбият байлығы. Таўсылмайды емес.

    Есиңизде болса, кеш гүз алдында ҳаўа температурасы әсте-ақырын пәсейип, күн суўый баслаған күнлерде мектебимиз ҳәм үйимиздиң есик-терезе тесиклерин пахта ямаса соған уқсас суўықты тосыўы мүмкин болған бир нәрсе менен жаўып шығатуғын едик. Енди ойласам, бул ҳәрекетимиз бираз болса да нәтийже берген шығар, бирақ ислемегени анық. Себеби, сол ўақытлары қыс аязында үйдиң ишиндеги температура 20 градустан төмен болмайтуғын еди, мениңше. Әйтеўир печь жанып атырғанда үйде жуқа кийимде жүретуғын едик. От сөнгеннен кейин бөлмемиз сырттан да суўық болатуғын еди. Буның алдын алыў ушын печьлер ярым ақшамға шекем өширилмес, ҳәр жылы ҳәр бир шаңарақ бир жүк машина толы көмир ямаса отын ғамлап қоятуғын еди.

    Аўылымдағы бүгинги жағдайды ҳәзирги еслеген жағдай менен салыстырсам, сол ўақытта жүдә көп ысырапгершилик болғанын аңлайман. Себеби, ол ўақытлары көпшилигимиз тек ғана үйди ысытыў ҳаққында ойлағанбыз ҳәм от жағып алғанбыз. Жыллылықты сақлаў ҳаққында болса ойлап көрмегенбиз.

    Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 11-марттағы "Турақ жай ҳәм имарат-объектлерди ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў тараўын түп-тийкарынан реформалаў және имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен имаратларда энергия шығынларын азайтыў бағдарында жаңа бағдар ҳәм мақсетлер белгилеп берилди.

    Соның ишинде, тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында стратегиялық усыныслар ислеп шығыў, ыссылық тәмийнаты кәрханаларының жумысын басқаратуғын ҳәм муўапықластыратуғын шөлкем шөлкемлестириледи.

    Ең тийкарғысы, орайласқан ыссылық тәмийнатына жалғанбаған төрт ҳәм оннан жоқары қабатлы көп квартиралы турақ жайлардың ысытыў системасында локал қазанханалар қурыў ҳәм басқа да альтернатив технологияларды енгизиў есабынан бир квартираның газге болған талабын кеминде 20 процентке азайтыў тийкарғы ўазыйпалар қатарынан орын алды.

    - Келеси бес жылда орайласқан ыссылық системасындағы тозыўы жеткен 103 қазанхана ҳәм 1,6 мың километр ыссылық тармағы, соның ишинде, 2025-2026-жылларда 18 қазанхана ҳәм 258 километр ыссылық тармағы жаңаланады, - дейди Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги басқарма баслығы Илҳом Тўраев. - Соның менен бирге, орайласқан ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў 37 проценттен 58 процентке жеткериледи. Системадағы шығынлар 38 проценттен 20 процентке шекем қысқартылады.

    Көп квартиралы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў мәкемелерине 8681 индивидуал ыссылық пунктлери орнатылады. Орайласқан ыссылық тәмийнатын жабық системаға өткериў бағдарламасы ислеп шығылады. Ыссылық тәмийнаты системасын жабық системаға өткериў илажлары ушын мәмлекетлик бюджеттен 50 миллиард сум қаратылады. Нәтийжеде энергия ресурсларына талап сезилерли дәрежеде азаяды.

    Қайта тиклениўши электр дәреклери қурылмалары, яғный ыссылық насослары, қуяш панеллери ҳәм ресурс үнемлеўши үскенелерден пайдаланған ҳалда Чиназ ҳәм Алтыарық районларында төрт қабатлы турақ жай фондын альтернатив, турақлы ыссылық дәреклери менен тәмийинлеў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ушын изоляциялаў тәжирийбеси өткериледи. Не ушын әйне Чиназ ҳәм Алтыарықта? Себеби бул аймақларда ыссылық энергиясының нәтийжелилиги жүдә төмен. Соның ушын бул районлар таңлап алынған.

    Бул тәжирийбе нәтийжелеринен келип шығып, барлық аймақта 2026-2030-жылларда турақ жай фондын жақсылаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары ислеп шығылады.

    Сондай-ақ, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги жанында "Ыссылық тәмийнаты" АЖ шөлкемлестириледи ҳәм министрликке ыссылық тәмийнаты тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ўазыйпасы жүкленди.

    Усы жылы тараўдағы перспективалы жойбарларды баслаў ушын халықаралық финанс институтларынан 68 миллион доллар, 2026-2030-жылларда ыссылық қазанханалары ҳәм ыссылық системаларын заманагөй технологиялар тийкарында модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жойбарлары ушын халықаралық финанс институтларынан 257 миллион доллар тартылады.

    Быйыл социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 320 миллиард сум ажыратылса, 2026-2030-жылларда бул бағдарлама шеңберинде 1,6 триллион сум қаратылады.

    Жәҳән банкиниң Халықаралық раўажланыў қорынан тартылған 143 миллион доллар муғдарындағы қарыз қаржысы өзлестириледи.

    Соның менен бирге, халықаралық финанс институтларынан қолайлы шәртлердеги кредит, грант ҳәм техникалық жәрдемлер тартылады.

    Усы жылдан баслап мәмлекетимиздеги барлық мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери қуяш суў ысытыў системалары, яғный гелиоколлекторлар менен толық үскенеленеди. Сондай-ақ, Бухара ўәлаятындағы социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик мәкемелерде энергия үнемлеўши үскенелер орнатыў, имарат ҳәм объектлердиң фасад ҳәм төбесин изоляциялаў жойбарлары әмелге асырылады. Келеси жылдан баслап усы тәжирийбе тийкарында ҳәр бир аймақта төрттен социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик мәкеме таңлап алынып, усы мақсетли илажлар әмелге асырылады.

    2025-жыл 1-июньнен қаржыландырыў дәреклерине қарамастан, қурылыста техникалық шәртлер алыныўы талап етилетуғын имарат-объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўды жойбарлаўда усы объектлердиң жойбарлаў ҳүжжетлерине имаратлардың өз мүтәжлиги ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклери қурылмалары ҳәм альтернатив ыссылық системалары және энергия үнемлеўши үскенелерди мәжбүрий орнатыў талабы киргизиледи.

    Көп квартиралы турақ жайлар ҳәм имаратлардың ишки ыссылық ҳәм ыссы суў тарқатыў системаларының қурылысы, имаратлар ҳәм тармақларда есаплағышлардың толық орнатылыўы мәжбүрий етип белгиленди.

    Орайласқан ыссылық тәмийнаты бар аймақларда жаңадан қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлар, ҳәкимшилик имаратлар, социаллық тараў мәкемелери, санаат ҳәм исбилерменлик субъектлериниң имарат ҳәм объектлериниң ыссылық тармақларына жалғаныўы мәжбүрий болады.

    - "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада да жаңадан қурылатуғын имарат-объектлер ҳәм турақ жайлардың энергия нәтийжелилигинен келип шығып, "Жасыл имарат" сертификаты енгизилиўи белгиленген, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң жетекши қәнигеси Азизжон Гулбоев. - Усы жылдан баслап ҳәр бир аймақта кеминде 100 жеке тәртиптеги турақ жай ушын қаржы ажыратылады. Бул қаржы олардың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлеўши айна ҳәм есиклер орнатыў, қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмалары, яғный гелиоколлектор, қуяш панеллери менен тәмийинлеў ушын жумсалады.

    Бул режелерди әмелге асырыў ушын усы жылдың өзинде-ақ "жасыл" жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы анық мақсетли механизм ислеп шығылады. "Жасыл" жеңиллетилген кредитлер энергия шығынларын азайтыў, имарат ҳәм объектлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыў, оларды энергия үнемлеўши технологиялар менен тәмийинлеў ушын ажыратылады.

    Қысқасы, бул қарар реформаларға үнлес түрде ыссылық тәмийнаты кәрханаларының жумысын жетилистириў, имаратлардың ысытыў системасын пүткиллей жаңалаў ҳәм альтернатив технологияларды енгизиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды қояды. Ең әҳмийетлиси, бул илажлар бар ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, соңында, инсан қәдири ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.


    Лутфулла СУВОНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech