Өзбекстан палўанлары Ҳиндстанда өткерилген халықаралық турнирде 20 медалды қолға киргизди

    Спорт 25 наурыз 2025 1315

    Белбеўли гүрес бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзалары Ҳиндстанда болып өткен халықаралық турнирде 20 медальды қолға киргизди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, Харьяна штатының Ротак қаласында шөлкемлестирилген Жаслар фестивалы шеңберинде өткерилген жарыста Өзбекстан, Ҳиндстан ҳәм Россия гүресшилери қатнасты.

    Палўанлар белбеўли гүрестиң классикалық ҳәм еркин бағдарларында өз-ара күш сынасыў ушын гилемге шықты.

    Мәмлекетимиз ўәкиллери түрли салмақларда 20 медальды қолға киргизиўге еристи. Ханабай Ўрайимов, Аббос Аҳмаджонов, Муроджон Ҳамидов, Достонбек Обиджонов, Самандар Абдусаломов, Азимжон Йўлдошев, Фарангиз Абдунабиева ҳәм Шириной Йўлдошева алтын медальларды қолға киргизди ҳәм олардың ҳүрметине мәмлекетимиз гимни жаңлаўы астында байрағымыз көтерилди.

    Усы жылы белбеўли гүрес бойынша бир қатар халықаралық жарыслар өткерилиўи белгиленген. Олардан ең ириси - жәҳән чемпионатын май айында Нөкис қаласы қабыллайды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates