Саўда-экономика, транспорт-логистика, энергетика тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли тәреплери додаланды.
Товар алмасыў көлеми ҳәм қоспа кәрханалар санының турақлы артып баратырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Әмелий байланыслар жеделлести. Усы жылдың май айында Қабул ҳәм Мозори Шариф қалаларында Өзбекстан саўда үйлери ашылды. Июнь айында Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Өзбекстан жетекшиси шегара алды саўда ҳәм тийисли инфраструктураны және де раўажландырыў, қазып шығарыў, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақларында, қурылыс материаллары тармақларында, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Стратегиялық әҳмийетли регионаллық жойбар - Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.









