Сөйлесиў алдынан министр Өзбекстан жетекшисине Аўғанстан басшылығының қызғын сәлемин жеткерди.
Саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика ҳәм аграр тараўларда, сондай-ақ, геология-излеў ҳәм пайдалы қазылмалар бағдарындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Исбилерменлик байланысларының жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалардың саны артпақта, еки мәмлекет компанияларының қатнасыўында бизнес сапарлары ҳәм көргизбелер турақлы өткерилмекте. Термиз қаласында Халықаралық саўда орайы табыслы жумыс алып бармақта. Усы жылдың май айында Қабул ҳәм Мозори Шариф қалаларында саўда үйлери ашылады.
Өзбекстан басшысы экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, "Ҳайратон" санаат орайын тез пурсатта қурыў, ол жерде фармацевтика, мебель қурылысы, тоқымашылық өнимлерин, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў қуўатлықларын жайластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Трансаўған темир жолы ҳәм "Сурхон - Пули-Хумри" электр узатыў линиясын қурыў сыяқлы ири регионаллық инфраструктура жойбарлары қоллап-қуўатланды.