Өзбекстан Президенти АҚШ бизнеси менен стратегиялық шерикликтиң жаңа бағдарларын көрсетип өтти

    Вашингтон қаласына әмелий сапарының исбилерменлик бағдарламасы жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШтың жетекши компаниялары, инвестициялық қорлары ҳәм қаржы институтларының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

    Илажда АҚШ саўда министри Говард Латник, Президенттиң арнаўлы жәрдемшиси Рикки Гил, Президенттиң арнаўлы елшиси Паоло Замполли, аўыл хожалығы министриниң орынбасары Стивен Ваден, сондай-ақ, Америка - Өзбекстан саўда палатасының басшылары, Traxys, FLSmidth, BCG, META, Google, Amazon, Boeing, Air Products, Axiom Space, Cove Capital, Freeport-McMoRan, Orion CMC, Cargill Cotton, John Deere, Honeywell, Valmont Industries, Flowserve Corporation сыяқлы ири корпорациялардың топ-менеджерлери қатнасты.

    Ушырасыў алдында Өзбекстан жетекшиси кейинги 8 жылда АҚШ пенен товар алмасыў көлеми 4 есеге өскенин, мәмлекетимизде 300 ден аслам Америка компаниялары табыслы жумыс алып барып атырғанын атап өтти.

    Президентимиз бирге ислесиўде ерисилген жоқары дәрежеге ерисиў биргеликтеги жумысларымыз ушын кең перспективалар ашып беретуғын жаңа басқыштың тек ғана басланыўы екенин айрықша атап өтти. Ол АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен болажақ ушырасыўда экономикалық бирге ислесиўдиң анық бағдарлары ҳәм жаңа биргеликтеги басламалар додаланатуғынын мәлим етти.

    Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.

    2030-жылға шекем Өзбекстанда 18-20 гигаватт қайта тиклениўши қуўатлықларға ийе жаңа әўлад энергетика системасы жаратылады, барлық электр энергиясының ярымынан көби қуяш ҳәм самал энергиясы есабынан ислеп шығарылады.

    Усы мәниде, Өзбекстан ҳәм АҚШ уран, мыс, вольфрам, молибден ҳәм графит қазып алыў ҳәм терең қайта ислеўди раўажландырады. Исенимли жеткерип бериў шынжырларын қурыў ҳәм қайта ислеў бойынша алдынғы АҚШ технологияларын енгизиў режелестирилген.

    Буннан тысқары, автомобиль ҳәм темир жоллар, терминаллар ҳәм аэропортларды модернизациялаў бойынша кең көлемли бағдарлама әмелге асырылмақта. 2030-жылға шекем транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға 12 миллиард доллардан аслам қаржы қаратыў режелестирилген.

    АҚШтың Google, Meta, NVIDIA компаниялары менен санлы бирге ислесиў кеңейип бармақта - Apple Pay ҳәм Google Pay төлем системалары енгизилмекте, Санлы академия ҳәм стартап хаблар тармағы жаратылмақта.

    Бундай жойбарларды алға қойыў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын DFC корпорациясы ҳәм АҚШ Эксимбанки тартылатуғыны атап өтилди.

    Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Америка компанияларының инвестициялық басламаларын жеке өзи қоллап-қуўатлаўға таяр екенин, Өзбекстан сырт елли инвесторлар ушын исенимли шерик ҳәм табыс кепили болып қалатуғынын атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates